Футбол бойынша Өзбекстан Про Лигасының 2-турынан орын алған ойынлар шеңберинде республикамыздың «Арал самалы» футбол клубы бүгин, 29-март күни Хорезм ўәлаятының «Хорезм» командасына қарсы ойын өткереди.

 

Ойын Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан Республикасы Балалар ҳәм жас өспиримлер футбол шеберлик мектеби стадионында саат 17:00 де басланады.

 

Стадионға келиўши тамашагөйлер медициналық нықапта болыўы ҳәм еки метрлик аралықты сақлаўы талап етиледи.

 

Футбол ықласбентлерин жерлеслеримизди қоллап-қуўатлаўға шақырып қаламыз!

 

Мағлыўмат ушын, 1-тур ойынларынан соң республикамыздың «Арал самалы» клубы ҳәм Хорезм ўәлаятының «Хорезм» командасында 3 упайдан бар. «Арал самалы» дәслепки тур ойынын Ғузардың «Шўртан» клубына қарсы өткерип, 3:1 есабында жеңип шыққан еди.

 

Бүгин болып өтетуғын «Арал самалы» ҳәм «Хорезм» ойынын «YouTube» тармағындағы  «Хорезм» командасының рәсмий каналы арқалы тиккелей эфирде алып көрсетиў жобаластырылған.

 

Тиккелей эфир ушын силтеме: https://youtu.be/dAx3kevuyto

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.