Усы жыл 27-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында  Халықаралық театр күнине бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Мәдиният министри Қ.Турдиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды халықаралық театр күни байрамы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, усы жылдың 19-январь күни руўхый-ағартыўшылық жумыслары системасын түп-тийкарынан жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўин күшейтиў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде Президентимиз, «Егер экономика жәмийеттиң организми болса, оның руўхы ҳәм жаны мәнаўият болып табылады», – деген еди. Ҳақыйқатында да, биз жаңа Өзбекстанды қурыўға қарар еткен екенбиз, биринши сүйенишимиз базар принциплерине тийкарланған күшли экономика болса, екиншиси  ата-бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдириятларына тийкарланған күшли мәнаўият есапланады. Бунда театрларымыздың тутқан орны гиреўли.

Ҳәр жылы бәҳәрдиң дәслепки айының 27-сәнеси  халықаралық театр күни сыпатында белгиленип келмекте. Усы мүнәсибет пенен Президентимиздиң Өзбекстан көркем өнер хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўы оларды айрықша қуўанышқа бөлемекте.

Уллы ойшыл бабамыз Махмудхожа Беҳбудий айтқанындай, театр ҳақыйқатында да ибратхана, қутлы тәрбия ҳәм ағартыўшылық дәргайы болып табылады. Дүнья жүзиндеги ең ғалабалық ҳәм тәсиршең көркем өнер түрлеринен бири болған театр әсирлер даўамында адамларды адамгершилик ҳәм жақсылыққа шақырып, олардың қәлбинде уллы пазыйлетлер, гөззал туйғылар пайда етиўде, жәмийетлик турмыста тынышлық, дослық ҳәм жәмлескенлик, жоқары минез-қулық ҳәм әдиллик принциплерин беккемлеўге хызмет етип келмекте.

Илажда тараўдың бир топар пидайы хызметкерлерине  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң, Мәденият министрлигиниң, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң ҳәм басқа да мәкемелердиң Ҳүрмет жарлықлары менен баҳалы саўғалары тапсырылды.

Мәжилис республикамыз көркем өнер шеберлериниң байрамға бағышланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.