Нөкис қаласындағы 1-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Парламент ойынлары» спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Кенгашиниң 2020-жыл 30-декабрьдеги «Парламент ойынлары» спорт жарысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, сенаторлар ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзаларын дене тәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўға тартыў, халқымыздың арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилген «Парламент ойынлары» спорт жарыслары қатнасыўшылары мини футбол, волейбол, стол тенниси ҳәм бадминтон бойынша өз-ара күш сынасты.

Жарыстың Қарақалпақстан Республикасы басқышы жуўмақланып, жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов шығып сөйлеп, жеңимпазларды қутлықлады ҳәм Хорезм ўәлаятында болып өтетуғын аймақлық басқышта да әўмет тиледи.

Спорт жарысларында мини футбол бойынша Қарақалпақстан республикасы Жоқарғы Кеңеси, волейбол бойынша Нөкис районы командалары, стол тенниси бойынша ерлер арасында Жоқарғы Кеңес депутаты М.Гаипов, ҳаял-қызлар арасында халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң депутаты Г.Сидиқова, бадминтон бойынша ҳаял-қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, депутат З.Реймова биринши орынларды ийелеп, Хорезм ўәлаятында болып өтетуғын аймақлық басқышқа жоллама алды.

-Қайсы тараўда ислемейик, спорт ҳәмийше жолдасымыз болыўы керек,-дейди халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң депутаты Мақсет Бегдуллаев.-Турақлы түрде спорт пенен шуғылланыўымыз нәтийжесинде командамыз волейбол бойынша биринши орынды ийеледи.

«Парламент ойынлары» спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрнетлери.