Кеше, 25-март күни Ташкент қаласында «Универсиада-2020» спорт жарысларының финал басқышында сыйлы 2-орынды ийелеген Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасына «Президент саўғасы» тапсырылғаны ҳаққында хабар берген едик.

 

Бүгин, 26-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Президент саўғасы» кәрўанын күтип алыў салтанаты болып өтти.

 

Илажға республикамыз сайланды командасы қурамында жоқары нәтийжелерге ерискен спортшы жаслар, олардың ата-аналары, тренер-оқытыўшылар, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Күтип алыў салтанатында институтқа 80 миллион сумлық спорт инвентарьларынан ибарат болған «Президент саўғасы» тапсырылды.

 

Илажда институттың «Тумарис» қосық ҳәм аяқ-ойын халық ансамбли және талантлы жаслардың атқарыўындағы концерт бағдарламасына уласты.

 

Мағлыўмат ушын, «Универсиада» спорт жарысларының финал басқышларында Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында қатнасқан спортшылар улыўма 62 медальды қолға киргизген болса, соннан 32 медаль институт студентлери тәрепинен жеңип алынды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Автордың түсирген фотолары.