Таңлаў

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясының басламасы менен улыўма орта билим бериў мектеплериниң  6-11-класс оқыўшылары арасында өткерилип атырған «Биз коррупцияға қарсымызӘ» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы  басқышының жеңимпазлары анықланды.

Таңлаўды өткериўден мақсет-Президентимиздиң парламентке жоллаған Мүрәжатында белгиленген ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда жасларымыздың санасында коррупцияға қарсы иммунитетти қәлиплестириў, олардың ҳуқықый билимлерин ҳәм мәдениятын жетилистириў, сол арқалы бул иллетке қарсы гүресиў болып табылады. Республикамыздың барлық қала ҳәм районларында жеңимпаз болған 102 оқыўшы бул иллетке қарсы гүресиў бағдарында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар, коррупцияның жәмийетимиз раўажланыўындағы кери тәсири бойынша өзлериниң көзқарасы сәўлелендирилген шығармалары менен қатнасты. Төрешилер қурамы тәрепинен олардың арасынан ең зийреклери анықланды.

Атап айтқанда, Шымбай районындағы 10-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 6-класс оқыўшысы Феруза Хожамуратова, Нөкис қаласындағы 31-санлы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебиниң 7-класс оқыўшысы  Гүлбану Полатбаева, Беруний районындағы 63-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Хамида Қурбанбаева, Мойнақ районындағы 12-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы Муслима Базарбаева, Тақыятас районындағы 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Азода Ҳайитбаева, Әмиўдәрья районындағы 40-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Камила Бахтияровалар жеңимпаз деп табылды.

Таңлаў жеңимпазлары устазларының сүўретлери менен бирге шығармалар топламы китабына киргизиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.