Усы жылдың 24-март күни информатика ҳәм физика пәнинен Қарақалпақ мәмлекетлик университети  Ректорыныӊ кубоги Олимпиадасының республикалық басқышы болып өтти.

Бул олимпиаданеы өткериўден тийкарғы мақсет республикамыз оқыўшылары арасынан зийрек ҳәм дѳретиўшилик қәбилети бар жасларды анықлаў, математика, информатика, физика пәнлерин тереңнен үйрениў мотивациясын күшейтиўден ибарат болып, бүгинги мектеп оқыўшысының излениўшеңлигин арттыратуғын айрықша  қоллап-қуўатлаў десек орынлы болады.

 Оған улыўма орта билим бериў мектеплериниң 10-11-класс оқыўшылары арасында   “Ректор кубоги” ашық олимпиадасы қала ҳәм районлық басқышында жеӊимпаз болған оқыўшылар қатнасты.

Қызғын болып өткен олимпиада сынақларында Шоманай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 14-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Салиев Султанбек Адилбай улы 92 балл менен 1-орынды ийелеўге миясар болды.

Бунда Султанбектиң  зийреклиги ҳәм билимлиги менен айрықша билинип турды. Себеби,  тийкарғы саўаллар есапланған 50 тест ҳәм кейинги берилген қосымша тест бойынша Әмиўдәрья районы оқыўшысы менен топлаған баллары тең болып қалып, үшинши рет берилген қосымша 5 есап бойынша әмиўдәрьялы оқыўшыдан үстин келди.

Султанбектиӊ бундай табысты қолға киргизиўинде физика пәни муғаллими  Арзыгүл Балтамуратованыӊ мийнети айрықша болып табылады.

Информатика пәнинен командалық есапта  1-орынды Төрткүл районы оқыўшылары ийелеген болса, физика пәнинен  шоманайлы оқыўшылар  жеӊимпаз болды.

Олимпиада жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги