Усы жыл 25-март күни Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайреткер, «Эл-юрт ҳурмати» ордениниң ийеси Қәллибек Камаловтың 95 жасқа толыў мүнәсибети менен «Халқымыз ардақлаған мәмлекетлик ғайраткер» атамасында ушырасыў кешеси өткерилди.
Оған жоқары оқыў орынларының студент-жаслары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Ең дәслеп илаж қатнасыўшылары музей фондында сақланып атырған Қ.Камаловтың мемуарлық шығармалары ҳәм фотосүўретлери тийкарында таярланған көргизбени тамашалады. Буннан соң жыйналғанларға Қ.Камаловтың өмири ҳәм ел басшысы сыпатында елимиз ушын узақ жыллар даўамында ислеген ийгиликли ислери ҳаққында таярланған видеоролик қойып берилди.
Ушырасыў кешесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, Қарақалпақстан халық шайыры Г.Аннаклычева, Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов, Нөкис қалалық «Нураный» қорының баслығы К.Қалендеров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Қ.Камаловтың республикамызға басшылық еткен дәўирде экономиканың барлық тараўларында жемисли мийнетлери ҳаққында атап өтти.
-Ҳәр бир елдиң өзине тән тарийхы бар. Тарийх бетлерин ашар екенбиз сол дәўирдиң өз қаҳарманлары көз алдымызға келеди. ХХ әсирдиң елиўинши жыллары ҳаққында ойлар екенбиз, Қәллибек Камаловтың республикамыздың социаллық-экономикалық, сиясий, мәдений раўажланыўындағы уллы хызметлери, жемисли мийнетин көриўимизге болады, – дейди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, Қарақалпақстан халық шайыры Г.Аннаклычева. Оның «Ел хызметинде» китабында өмир жолы, заманласлары, кәсиплеслери, шәкиртлери ҳаққында толып-тасып, халқымызды улығлайды. Оның инабатлы ислери бүгинги күни де келешек әўлад ушын үлкен ибират мектеби болып хызмет етпекте.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы