Усы жыл 24-март күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Театр тамашалары ҳәптелиги» шеңберинде жас талантлы дөретиўшилер арасында сүўретлеў өнери ҳәм аяқ ойын өнери бойынша «Ең жақсы сүўретлеў өнери» және «Ең жақсы ояқ ойын атқарыўшысы» таңлаўы өткерилди.
Таңлаўға пайтахтымыздағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң елиўге шамалас оқыўшылары қатнасты.
-Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм олардың талантларын жүзеге шығарыў мақсетинде театр ҳәптелиги шеңберинде таңлаў өткерилмекте. Таңлаўға мектебимизден 11 оқыўшы қатнаспақта. Олар театр турмысы, спектакльден көринислерди картиналарда сәўлелендирмекте, – дейди Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң сүўретлеў өнери пәни оқытыўшысы Жәнибек Бекниязов.
Театр фоесинде сүўретлеў өнери бойынша таңлаў қатнасыўшылары өз-ара беллести.
Таңлаў жуўмағында «Ең жақсы аяқ ойын атқарыўшысы» таңлаўында Е.Қалбаева ҳәм Г.Мәденбаева, Н.Таскенова екинши, А.Абдиқадирова үшинши орынды ийелеген болса, «Ең жақсы сүўретлеў өнери» таңлаўында Г.Жумамуратова биринши, Ш.Хожбаева ҳәм М.Қудайбергенова екинши, С.Генжемуратов, Г.Айтмуратова және Қ.Аяповлар үшинши орынды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы