Миллионлар ойыны есапланған үлкен футболдыӊ республикамызға қайта оралыӯы «Арал самалы» профессионал футбол клубы жанкүйерлерин шексиз қуӯанышқа бөледи. Буны бизлер командамыздыӊ Өзбекстан ПРО-Лигасындағы дәслепки турындағы ойынын стадионға көриӯге келген ықласбентлердиӊ санынан көрсек болады.

24-март күни усы кеӯлинде ҳәр қыйлы ғул-ғула менен ойынды тамашалаӯға келген мыӊ-мыӊлаған «Арал самалы»  жанкүйерлери стадион орынлықларын лыққа толтырып, бир неше жүзлеген ықласбентлер «темир тор» сыртында тик аяқта турып, ойынныӊ барысын бақлап, командамызды ӄызғын қоллап-қуӯатлаӯға ҳәрекет етти.

Ушырасыӯ басланардан алдын еки команда ағзалары Өзбекстан профессионал футбол лигасыныӊ музыкасы  астында стадионға кирип келди.

Про-Лиганыӊ ашылыў ушырасыўы мәресиминде  шығып сөйлегенлер спорт ықласбентлерин жаӊа футбол мәўсиминиӊ басланыўы менен қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиӊ тиккелей басламасы менен республика ҳүкимети тәрепинен «Арал самалы» футбол клубын ҳәртәреплеме қоллап-қуӯатлаӯ бойынша исленип атырған жумыслар ҳәм ислениӯи тийис ӯазыйпалар ҳаққында айтып өтти.

Соӊынан стадионда мәмлекетлик гимнлер атқарылып, еки команда сәрдарлары тәрепинен Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларыныӊ байрақлары көтерилди.

Буннан соӊ ойын төрешилери тәрепинен ушырасыӯға рухсат берилип, командалар ойынды қызғын баслап жиберди. Өз ышқыпазлары қоллап-қуӯатлаӯынан руӯхланған республикамыз футболшылары ойынныӊ 37-минутында қарсылас команда ойыншыларын өзлериниӊ жәрийма майданында қопал қәтеликке жол қойыӯға мәжбүр етти ҳәм бул қопаллық ушырасыўдыӊ бас төреши Аскер Нажибаллиев тәрепинен пенальти белгилениӯине себепши болды. 11 метрлик жәриймадан нәтийжели пайдаланған командамыздыӊ тәжирийбели ҳүжимшиси Азамат Алланиязов команданыӊ дәслепки голын урыӯға миясар болса, «Шӯртан» командасы ағзалары да 2-таймда ойынға жаӊаша пәт ендирип, командамыз футболшыларын албыратыӯға миясар болды. Бунда командамыз ағзалары өз жәрийма майданында сыртқа шығып баратырған топты қолы менен услап қалып қәтешиликке жол қойды ҳәм қарсылас команда футболшысы Элёр Омонжанов 11 метрлик жәрийма тобын дәрӯазамызға анық жоллап ортадағы  есапты теӊлестириӯге миясар болды.

Буннан соӊ «Арал самалы»  командасы қурамында бир қатар өзгерислер болып, команда бас тренери Тимур Турдиев тәрепинен жаӊа футболшылар майданға түсирилди ҳәм ҳүжим күшейтилди.

Усындай ҳүжимлердиӊ биринде қарсылас команда қорғаўшылары өз жәрийма майданында және бир мәрте қопал қәтешиликке жол қойып, бул тағы бир мәрте бас төреши тәрепинен пенальти белгилениўине себепши болды ҳәм оны Азамат Алланиязов анық дәрўазаға жоллап, командамызды есапта алдыға алып шықты.

Бул есаптан руўхланған командамыз ағзалары ҳүжимге еле де пәт ендирип, бир неше мәрте «Шўртан» жәрийма майданы ишинде қәўипли жағдайдаларды жүзеге келтирип, оннан нәтийжели пайдалана алмады. Бирақ, ушырасыўдыӊ 67-минутында командамыздыӊ және бир тәжирийбели ойыншысы Наўрызбек Алимов жәрийма майданы сыртында өзине жаратылған имканияттан нәтийжели пайдаланып, күшли соққы менен қарсылас команда дәрўазасына топ жоллап, ортадағы есапты 3-1 ге жеткериўге еристи.

Буннан соӊ «Шўртан» командасы ағзалары есапты қысқартыў мақсетинде, көбирек ҳүжимге өтти. Ал, бизиӊ командамыз болса, контр-ҳүжим тактикасында ойнаўға мәжбүр болды. Бирақ, ғузарлылар гол урыўға қаншелли урынбасын, олардыӊ ҳәрекетлери заяға кетип, ойын тамамланғанша ортадағы есап өзгермеди.

Ушырасыўдан соӊ еки команда бас тренерлери менен журналист-блогерлер арасында брифинг  шөлкемлестирилип, онда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери бас тренерлерден өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды.

-Командамыздыӊ бул жеӊисинде мен  бир ойыншыны айырып мына футболшы жақсы ойнады деп айта алмайман. Бул жеӊисте командамыздыӊ барлық ағзалары теӊдей ат салысты. Сонлықтан олардыӊ бәршесине өзимниӊ шексиз миннетдаршылығымызды билдиремен,-дейди «Арал самалы» клубы бас тренери Тимур Турдиев журналистлердиӊ сораўларына жуўап бере турып.

Командамыздыӊ келеси ойыны 29-март күни Нөкистеги Балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясыныӊ футбол стадионында болып өтеди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги