Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының «Нөкис» сыртқы экономикалық байланыс бажыхана постында жеке қурам ҳәм сыртқы экономикалық байланыс қатнасыўшылары менен «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамның мазмун-мәнисин түсиндириў бойынша дөгерек сәўбети өткерилди.
Дөгерек сәўбети даўамында исбилерменлик субъектлерине усы нызам шеңберинде әмелиятқа енгизилип атырған өзгерислер туўралы мағлыўматлар берилди.
– Жаңадан қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин түсиндириў ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың негизин үгит-нәсиятлаў, кең жәмийетшилик, атап айтқанда, исбилерменлик субъектлерине жеткериў бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен системалы түрде жумыслар алып барылмақта,-дейди басқарманың юридикалық хызмет бас инспекторы, бажыхана хызмети майоры Б.Юсупов. – Нызам менен киргизилген жаңа өзгерислердиң бири сыпатында Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағына алдын алып кирилген транспорт қуралын Өзбекстан Республикасының бажыхана аймағынан сыртқа белгиленген мүддетте алып шықпаған шахс нызамшылықта белгиленген төлемди өз ықтыяры менен бир жумыс күни ишинде төлесе, жуўапкершиликтен азат етилетуғынлығын атап өтсек болады.
Өткен жыл даўамында бажыхана хызметкерлери тәрепинен алдын республикамызға аймағына алып кирилген автотранспорт қуралларының белгиленген мүддетлерде шығылмағанлығы менен байланыслы 73 ҳалат анықланып, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 2274-статьясы 5-бөлими менен ҳәкимшилик иси қозғатылды.
Сондай-ақ, ушырасыў даўамында нызам менен өзгерислер киргизилген мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы нызамшылықты бузыў, мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўы барысы ҳаққындағы мәселелерди көрип шығыў мүддетлери менен шәртлери туўралы толық мағлыўматлар берилди.
Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги