20-март күни Ташкент қаласында французша бокстиӊ сават түри бойынша жас өспиримлер арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы атынан Бозатаў районындағы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниӊ тәрбияланыўшылары да қатнасып, еки гүмис медальды қолға киргизиўге миясар болды.

Атап айтқанда, 12-14-жас аралығындағы ер балалар арасында 36 кг салмақта Жандарбек Еримбетов финалға шекемги беллесиўлерде  Наманган ҳәм Ташкент ўәлаяты спортшылары үстинен жеӊиске ерискен  болса, 15-17-жас аралығындағылар арасында Жанполат Жумаматдинов 60 кг салмақта әндижанлы  ҳәм сырдәрьялы қарсыласларын жеӊип шығыўға миясар болды.  Олардыӊ екеўи де  финальда Ташкент қаласы  спортшыларынан  упайлар есабында  жеӊилиске ушырап, чемпионаттыӊ гүмис медалы менен сыйлықланды.

-Бул шәкиртлеримниӊ Өзбекстан көлеминдеги жарысқа биринши мәрте қатнасыўы,- дейди жас спортшылардыӊ тренери Бабур Меӊлимуратов.-Французша бокстиӊ  айырмашылығы сонда кик-бокстегидей аяқ пенен де тебиўге болады. Бул спорт республикамызға енди кирип келмекте. Мен бул шәкиртлерим менен шынығыўларды баслағаныма жаӊа ғана үш ай болды. Аўыл жасларыныӊ французша бокске деген қызығыўшылықлары күшли. Сонлықтан,  алдағы ўақытлары бизлер шынығыўларымызды еле де жанландырып, келешекте Өзбекстан ҳәм Азия чемпионатларында жеӊимпазлықты қолға киргизиўге ҳәрекет етемиз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги