Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде елимизде әмелге асырылып атырған реформалар тийкарында көплеген жумыслар исленбекте.
Университетте илимий изертлеўлер, инновациялар, илимий-педагог кадрларды таярлаў ҳәм зийрек студентлердиң илимий-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў бойынша 2020-жылда исленген жумыслар ҳәм 2021-жылда әмелге асырылатуғын ўазыйпалар туўралы университеттиң илим ҳәм инновациялық ислер бойынша проректоры, география илимлериниң докторы, доцент Изимбет Турдымәмбетов пенен пикирлескенимизде төмендегилерди атап өтти:
– 2020-жылы университетте 755 профессор-оқытыўшы жумыс алып барған болса, солардың 26 сы илим докторы, 238 и илим кандидаты ҳәм философия докторы илимий дәрежесине ийе профессор-оқытыўшылар есапланады. Университеттиң илимий потенциалы 2019-жылдағы 34 проценттен 2020-жылы 35 процентке өсти.
Өткен жыл даўамында университет профессор-оқытыўшылары тәрепинен 37 монография, сырт еллердиң жоқары импакт факторлы илимий журналларында 301 мақала, республикалық илимий журналларда 408 мақала ҳәм халықаралық ҳәм республикалық илимий конференциялар топламларында 1137 тезислер басылып шықты. Университетте халықаралық рейтинг көрсеткишлерине ерисиў ушын илимий мақалаларды халықаралық илимий мағлыўматлар базасындағы илимий журналларда басып шығарыўға айрықша итибар қаратылыўы нәтийжесинде, профессор-оқытыўшылар тәрепинен 2020-жылы жәми 73 илимий мақала Scopus халықаралық мағлыўматлар базасындағы илимий журналларда басылып шықты ҳәм бул көрсеткиш 2019-жылға салыстырғанда 2,5 есеге көбейди.
– Университеттиң илимий потенциалы қандай дәрежеде ҳәм ҳәзирги ўақытта қандай илимий жумыслар әмелге асырылмақта? Халықаралық ҳәм өз-ара бирге ислесиўдиң нәтийжелери қандай?
– Университетимизде жаңадан шөлкемлестирилген “Karakalpak Scientific Journal” илимий журналы Өзбекстан көлеминдеги 41 илимий журналдың бири сыпатында халықаралық рейтинг журналлары базаларына индексацияланбақта. Университетте халықаралық илимий байланысларды кеңейтиў мақсетинде өткен жылы 3 халықаралық ҳәм 11 республикалық илимий-әмелий онлайн конференциялар өткерилди.
Соның менен бирге, университеттиң илимий дәрежеге талабан профессор-оқытыўшылары, жас илимпазлар, таяныш докторантлар ҳәм докторантлар тәрепинен докторлық (PhD, DSc) диссертацияларын қорғаў көрсеткишлери де салыстырмалы түрде жылдан-жылға артып бармақта. Мәселен, 2019-жылы университетте 4 докторлық (DSc) ҳәм 35 философия докторы (PhD) диссертациясы, жәми 39 диссертация жумысы жақланған болса, 2020-жылы профессор-оқытыўшылар ҳәм жас илимпазлар тәрепинен тийисли илим бағдарлары бойынша 6 докторлық (DSc) ҳәм 35 философия докторы (PhD) диссертациялары, жәми 41 диссертация табыслы жақланды.
Илимий жумысларды жақлаўды қоллап-қуўатлаў ҳәм жетилистириў мақсетинде 2019-жылы университет жанында 10.00.03 – қарақалпақ тили, 10.00.12 – қарақалпақ әдебияты қәнигеликлери бойынша илимий дәрежелер бериўши қәнигелестирилген тек ғана бир Илимий кеңес болған болса, 2020-жылдан баслап, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары Аттестация комиссиясы Президиумы тәрепинен усы Кеңеске қосымша университетте жоқары билимлендириўден кейинги тәлимниң 03.00.06 – Зоология (биология илимлери), 02.00.13 – Органикалық емес затлар ҳәм олар тийкарындағы материаллар технологиясы (техника илимлери), 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы (тарийх илимлери), 08.00.04 – Аўыл хожалығы экономикасы, 08.00.05 – Хызмет көрсетиў тармақлары экономикасы (экономика илимлери), 12.00.02 – Конституциялық ҳуқық, ҳәкимшилик ҳуқық, финанс ҳәм бажыхана ҳуқықы (юридика илимлери) қәнигеликлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин бериўши жәми бес қәнигелестирилген илимий кеңес дүзилди ҳәм бүгинги күнде олар табыслы түрде жумыс алып бармақта.
Университеттиң илимий потенциалын кеңейтиў ушын 2020-жылы университет профессор-оқытыўшылары тәрепинен мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалар шеңберинде 2017-2020-жылларға мөлшерленген улыўма баҳасы 239 млн. 827 мың сумлық 2 фундаменталь, 2018-2020-жыллар ҳәм 2020-2022-жылларға мөлшерленген улыўма баҳасы 946 млн. 105 мың сумлық 4 әмелий жойбар бойынша 1 млрд. 185 млн. 932 мың сумлық илимий изертлеў жумыслары алып барылды.
Университетимиздеги илимий-изертлеў жумысларының алып барылыўын және буннан да жоқары табысларға ерисиўин қоллап-қуўатлаў мақсетинде университет ректораты тәрепинен жоқары табысларға ерискен профессор-оқытыўшылар, жас илимпазлар ҳәм докторантлар турақлы түрде хошаметленип барылмақта.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2019-жыл 24-декабрдеги арнаўлы буйрығы тийкарында 2020-жылы университетте илимий дәрежеге ийе жәми 83 (соның ишинде 21 илим докторы (DSc) ҳәм 62 илим кандидатлары ҳәм философия докторлары (PhD)) профессор-оқытыўшылар үстеме ҳақылары менен турақлы түрде сыйлықланып барылды.
Университеттеги зийрек студентлердиң жәмлестирилиўи, олардың оқыў менен бирге, жәмийетлик илажларға тартылыўы нәтийжесинде, олар тәрепинен 2019-2020-оқыў жылының жуўмағы ҳәм 2020-2021-оқыў жылларында бир қатар жетискенликлер қолға киргизилди.
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 7-июльдеги арнаўлы буйрығы менен Өзбекстан көлеминде өткерилген онлайн пән олимпиадасында, жәми 8 зийрек студент, соннан, 2 студент 1-орынды, 4 студент 2-орынды, 2 студент 3-орынларды ийелеўге миясар болды. Сондай-ақ, 1 студент (И.Минажатдинов) математика пәни бойынша 2020-жылы шөлкемлестирилген академик Т.А.Саримсоқов атындағы стипендияның ийеси, журналистика тəлим бағдарында билим алып атырған 3 студент (А.Сражиддинов, А.Латипов, Д.Файзуллаева) журналистика тараўындағы излениўлери нəтийжесинде Қазақстан Республикасында өткерилген «FМДАның ең жас илимпазы» халықаралық таңлаўында жеңимпаз болды. Сондай-ақ, және 1 студент (Өзбекстан Жаслар аўқамы стипендиясының Қарақалпақстан Республикасынан биринши жеңимпазы, Ислам Каримов атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси Н.Балтабаева) Қазақстанның Нурсултан қаласында өткерилген «FМДА мәмлекетлериниң ең жақсы студенти – 2020» халықаралық таңлаўында сыйлы биринши орынды ийеледи.
Соның менен бирге, 2020-жыл февраль айында БМШ тәрепинен өткерилген “Demo Dey” инновациялық идеялар таңлаўында филология факультетиниң студенти К.Доспанова өз командасы менен қатнасып, 50 мың доллар сыйлықты «Med ID» жойбары бойынша жеңип алыўға еристи.
Университеттиң Стартап топары студент-жаслары тәрепинен таярланған 9 Startup жойбарынан 2020-жылы 3 жойбары яғный:
1-санаат технологиясы факультетиниң 4-курс студенти Т.Оспановтың “Excusive – Пиёда юришдан завқлан ва қувват ол” жойбары – 400 млн. сум;
2-архитектура факулътетиниң 4-курс студенти М.Бисеновтың «Лего ғиштлар» жойбары – 80 млн. сум;
3-Биология факультетиниң 3-курс студенти Г.Хожанованың «Жумыс бар» жойбары – 20 млн. сум муғдарында Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен қаржыландырыўға алынды.
Сондай-ақ, Санаат технологиясы факультетиниң 3-курс студенти Жәнибек Наўрызбаевтың «Саноат чиқинди сувларини тозалашда флокуляция усулидан фойдаланиш» жойбары тийкарында цех ашыў режелестирилди.
Республика көлеминде Жаслар аўқамы ҳәм ЮНИСЕФ пенен биргеликте өткерилген «ИМКОНЛАБ» таңлаўында Экономика факультетиниң 2-курс студентлери Ф.Сапарова, Н.Мақсетовалардың “Eco Bags” жойбары ҳәм қурылыс факультетиниң 4-курс студенти Махамбеталиев Ариф-Хажый өз командасы менен «Майыплар арбашасы ушын тиркеме» жойбары менен қатнасып жеңимпаз болып, ҳәр еки команда 1000 долларлық сыйлықты алыўға ерисип, өз жойбарларын әмелиятқа енгизиў имканиятын қолға киргизди. Солай етип, 2020-жылы, жәми 5 Стартап жойбарды әмелиятқа енгизиў имканияты қолға киргизилди.
Соны да атап өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Интелектуаллық мүлк агентлиги тәрепинен электрон есаплаў машиналары ушын жаратылған дәстүрий авторлық гуўалықларының саны 2019-жылы 10 дана болған болса, 2020-жылы және 16 дана авторлық гуўалықлары университет профессор-оқытыўшылары тәрепинен қолға киргизилди. Пайдалы модель ҳәм санаат үлгилерин ойлап табыў бойынша 2020-жылы 2 патент алынды ҳәм Инновациялық фонд есабынан патент авторлары ақшалай хошаметленди.
Университет кафедраларының басқа мәкемелер менен бирге хожалық шәртнамалары есабынан бир қатар пайдалы бирге ислесиў жумыслары әмелге асырылды. Соның нәтийжесинде, 2019-жылы университетимизге 50 млн. 786 мың 833 сум қаржы түсирилген болса, 2020-жылы бул қаржылардың көлеми 115 млн. сумға жетти.
2020-жылдың январь айында университетте Қубла Кореяның “WE Energy” ҳәм “Hanbеk Construction Co., Ltd” компаниялары менен биргеликте ҳәр бириниң қуўатлылығы 350 Вт.тан ибарат қуяш электр панеллери орнатылып, бул қуяш электро-панеллери университет студентлерине әмелият өтеў ушын хызмет етиўи менен бир қатарда, университетте қуяш энергиясынан пайдаланыў тәжирийбесин өткериўге де имканият жаратты.
Өткен жылдың май айында болса университимизде Өзбекстан Илимлер Академиясы Математика институтының Қарақалпақстан бөлими шөлкемлестирилип, бүгинги күнде бул бөлим табыслы жумыс алып бармақта.
Усындай жумыслар менен бир қатарда, университет жанында «Биоэкологиялық изертлеўлер» илимий-изертлеў лабораториясы дүзилмекте. Ҳәзирги күнлери бул лабораторияның тийкарғы әсбап-үскенелери алып келинип, тийисли тәртипте университеттиң Биология факультетинде орнатылмақта. Бул лаборатория 2021-жылдың екинши шерегинен баслап өз жумысын алып барыўы режелестирилген.
Сондай-ақ, университетте бюджеттен тысқары қаржыларды табыў мақсетинде инновациялық фонд қаржылары есабынан 100 млн. сум пул ажыратылып, “В”-“ВС” категориялары бойынша автотранспорт меңгериўшиси гүўалығына оқытыў бойынша 2021-жылдың май айынан баслап «Авто-оқыў орайы»н ашыў нәзерде тутылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-октябрьдеги Қарақалпақстан Республикасына сапары шеңберинде өткерилген мәжилис баянламасында белгиленген жоқары билимлендириў саласында алып барылыўы тийис болған ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2021-жылы университет жанында илимий-изертлеў нәтийжелерин билимлендириў, әмелият ҳәм өндириске енгизиў процесслерин (атап айтқанда, дүзилиси бойынша «Химия технологиясы бойынша илимий-өндирислик лабораториясы», «Қурылыс материаллары химиялық технологиялары» оқыў -илимий лабораториясы, «Химия бойынша илимий-экспериментал лабораториясы», «Тоқымашылық өнимлерин эксперименталь изертлеў лабораториясы» сыяқлы комплексли лаборатория) өз ишине алған, жәми баҳасы 1 020 952 АҚШ долларына тең «Химиялық технология» илимий-технологиялық лаборатория кластерин шөлкемлестириў режелестирилген.
Бул режелер толық әмелге асырылса, университетимиздеги илимий-изертлеў жумысларынан баслап, басқа да барлық жумыслардың нәтийжели болыўына, алға қойылған ўазыйпалардың толық әмелге асыўына үлкен мүмкиншилик жаратылады.
2021-жылы университетимизде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары тийкарында ҳәм Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң қоллап-қуўатлаўы менен Бердақ атындағы мәмлекетлик стипендияны шөлкемлестириў де нәзерде тутылған.
Бул жумыслардың барлығы илимниң шексиз имканиятларынан дурыс пайдаланып, билимлендириў-илим-өндирис интеграциясын әмелге асырыў мақсетине қаратылған.
Илимде имканият көп, оннан орынлы пайдаланыў дәўир талабы болып есапланады.
Жазып алған:
Әдилбай ЖИЕМУРАТОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы