Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында «Театр тамашалары ҳәптелеги»ниң ашылыў мәресими болды.
Илажда театр директоры П.Айтмуратов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары халық артисти Р.Сапарова, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы У.Утегенова, шайыр Ш.Пахтардиновалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы-Наўрыз байрамы, сондай-ақ. ҳәптеликтиң ашылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, халқымыз, соның ишинде жасларымыз арасында миллий мәдениятымыз бенен театр көркем өнерин кеңнен үгит-нәсиятлаўда, оларды театрларымызда сахналастырылып атырған шығармалар менен жақыннан таныстырыўда бул ҳәптелик айрықша әҳмийетке ийе. Илаж даўамында театр ықласбентлери тек спектакльлерди тамаша етип қоймастан, түрли темалардағы дөгерек сәўбетлери, белгили мәденият хызметкерлери менен ушырасыў кешелери, көргизбе ҳәм таңлаўларда қатнасады.
Атап айтқанда, оларға П.Айтмуратовтың «Устаз тәғдири», «Аўылға қайтыў», япон драматурги Д.Киноситаның «Тырна пәрлери», инглис драматурги У.Шекспирдиң «Ремео ҳәм Жульетта», К.Рахмановтың «Тоғыз тоңқылдақ, бир шиңкилдек», Қарақалпақ халық ертеги тийкарында сахналастырылған «Үш ериншек» спектакльлери көрсетиледи. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери А.Жүзимбетов ҳәм театртаныўшы, драматург Ж.Хожановлардың «Театр мениң өмиримде» дөретиўшилик ушырасыўы, «Театр ҳәм актёр» темасындағы дөретиўшилик ушырасыў, «Ең жақсы мақала», «Ең жақсы сүўретлеў жумысы», «Ең жақсы аяқ ойын көркем өнери» таңлаўлары, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери П.Айтмуратовтың дөретиўшилигине бағышланған «Перде артындағы сыйқырлы әлем» темасындағы дөгерек сәўбети өткериледи.
Ҳәптеликтиң ашылыўынан соң, тамашагөйлер Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген «Художник ҳәм театр» темасындағы картиналар ҳәм «Театр декорациясы ҳәм кийимлери» көргизбелерин тамаша етти. Буннан кейин инглис драматурги Рей Кунидиң «Қара дипломат» спектаклин тамаша етти.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери