Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Наўрыз» улыўмахалықлық байрамы алдында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт ҳәм кеширимли болыў сыяқлы уллы пазыйлетлердиң айқын белгиси сыпатында «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған бир топар пуқараларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.
Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 23-бәнтине тийкарланып жаза мүддетин өтеп атырған және қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған 140 пуқара әпиў етилди.
Әпиў етилген пуқаралардың 4еўи тийкарғы жазадан толық азат етилди, 69ы жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли азат етилди, 8 иниң еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 59 пуқараға тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.
Әпиў етилгенлердиң 12 син сырт ел пуқарасы, 9 ын 60 жастан асқан пуқара, 13 ин ҳаял-қыз және 14 ин қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан пуқара қурайды.
Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген пуқараларды шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарыў, жәмийетлик турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер менен уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.