«Наўрыз» улыўмахалықлық байрамы мүнәсибети менен ӨзМТДП «Ҳаяллар қанаты» тәрепинен ҳаял-қызлар арасында «Спорт – саламатлықтың гиреўи» атамасында спорттың бодминтон түри бойынша жарыс өткерилди.
Жарыс халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм ҳаял-қызлардың физикалық белсендилигин арттырыў мақсетинде өткерилип, онда 14-30 ҳәм 31-45 жастағы 50 ге шамалас ҳаял-қызлар қатнасты.
Жарыс жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.