«Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен бир топар адамларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға муўапық, жаза мүддетин өтеп атырған ҳәм қылмысына шын кеўилден пушайман болған және дүзелиў жолына беккем өткен 140 пуқара әпиў етилди.
Әпиў етилген адамлардың төртеўи тийкарғы жазадан азат етилди, 69 ы жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилди, 8 адамның еркинен айырыў жазасы жеңил жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 59 адамға белгиленген еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.
Әпиў етилгенлердиң 12 си сырт ел пуқарасы, 9 ы 60 жастан жоқары болған адамлар, 13 и ҳаяллар және 14 и қадаған етилген шөлкемлердиң жумысларында қатнасқан адамлар болып табылады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.