Усы жыл 18-март күни Өзбекстан көркем өнер академиясы  Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайында «Жасларды қоллапқуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» мүнәсибети менен жас талантлы художник Саламат Бабажановтың дөретиўшилик жумысларынан ибарат «Басланыў…» атамасындағы жеке көргизбеси өткерилди.

Көргизбеге белгили художниклер, художниктиң устазлары, көркем өнер ықласбентлери менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Көргизбеде художниктиң соңғы ўақытлары дөреткен 50 ден аслам живописьлик дөретпелери орын алған.

Көргизбениң ашылыў салтанатында шығып сөйлегенлер, жас художник С.Бабажановтың  сүўретлеў көркем өнеринде ерискен жетискенлеклери, дөретпелериниң өзине тәнлиги ҳаққында сөз етти.

– Көрзизбеде художниктиң соңғы жыллары дөреткен жумысларында үлкен өзгерислердиң  бар екенлигине гүўа болдық.  Художник бурынғы дөретиўшилик  жумысларында пейзаж жанрында көбирек сүўрет салған болса, кейинги дөретпелеринде эмоцияларын, көбирек әтирапында болып атырған ўақыяларды  живописьлик картиналарында сәўлелендирген, – дейди И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи директорының илимий ислер бойынша орынбасары Бахтияр Серекеев.

Илаж қатнасыўшылары жас художниктиң көргизбесин тамашалап, художниктиң «Адамлар», «Кейпият», «Келбетлер» сыяқлы дөретпелеринен үлкен тәсирлер алды.

Көргизбе бир ай даўам етеди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Мақаланың сүўретлери М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген