«Халқ сўзи» ҳәм «Народное слово» газеталарының редакциясы тәрепинен 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен «Ең жақсы мақалалар» таңлаўы жәриялаған еди.

Усы таңлаўда қарақалпақстанлы дөретиўши ҳаял-қызлар да белсене қатнасты. Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының хызметкери, еркин дөретиўши Фотима Абдраимова менен «Вести Каракалпакстана» газетасының хабаршысы Халима Халилаевалар усы таңлаў жеңимпазы болды.

Таңлаў жеңимпазларын Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы баслығы К.Каримов ҳәм Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Аҳмедовалар қызғын қутлықлап, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм саўғаларын тапсырды.

Атап өтилгениндей, Ф.Абдираимова Шымбай районында туўылған әпиўайы шаңарақтан шыққан Онесия Сайтованың балалықтағы қыйыншылықлары, кейин медицина тараўында мийнет етип, «Өзбекстан қаҳарманы» деген жоқары атаққа ерискенине шекемги болған дәўирди «Шымбайдың Ана қызы» атлы очерк жанрына тән тәризде сәўлелендирген. Ал, талантлы журналист Х.Халилаева 16 жылдан берли имканияты шекленген балалардың спорт ҳәм басқа да илажларға қатнасыўын тәмийинлеўде нәтийжели жумыс ислеп киятырған Өзбекстан Арнаўлы олимпиадасы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Гүлшад Турсымуратова ҳаққында сөз етип, заманымыз қаҳарманларының бириниң образын жаратқан.

– Редакцияның «Ең жақсы мақалалар» таңлаўын жәриялаўы жақсы баслама болды,-дейди «Халқ сўзи» газетасының хабаршысы F.Атажанов. – Мен газета ҳәм оның сайты арқалы таңлаў қатнасыўшыларының дөретиўшилик жумысларын да бақлап бараман. Таңлаў шеңберинде сәўлелендирилген материаллар соңғы ўақытларда баспасөзде көп жәрияланбай атырған очерк ҳәм басқа аналитикалық жанрларды орайлық баспада жәриялаў арқалы қайта жанландырыўға түртки берди, десем қәтелеспеймен.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги