Усы жыл 17-март күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен Өзбекстан халық артисти Батыр Закиров туўылған күниниң 85 жыллығы мүнәсибети менен «Батыр Закиров көркем өнери даўамшылары» атамасындағы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.
Таңлаўға барлық қала ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған 16 жастан 28 жасқа шекемги 40 қа шамалас дөретиўши жаслар қатнасты.
Таңлаўдың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев шығып сөйлеп, Б.Закиров дөретиўшилик мийрасының миллий көркем өнеримиздиң раўажланыўындағы орны ҳәм әҳмийетин атап өтип, таңлаў қатнасыўшыларына әўмет тиледи.
-Миллий эстрада көркем өнериниң тийкарын салыўшылардан бири, Өзбекстан халық артисти Батыр Закировтың дөретиўшилик мийрасы жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў бағдарында әҳмийети үлкен, – дейди таңлаў қатнасыўшысы Жамшид Қайпов. Бүгинги таңлаўда устаз қосықшының қосықларын атқарып шықтым. Әсиресе, «Мафтунигман», «Ёр кел», «Мафтун бўлдим», «Раъно» қосықларын сүйип атқараман.
Төрешилер қурамы тәрепинен қатнасыўшылардың атқарыў шеберлиги, профессионаллық таярлығы, сахна мәденияты ҳәм артистлик шеберлиги баҳалап барылды.
Таңлаў жуўмағында Шоманай районындағы «Мәденият бөлими» дөгерек басшысы Ж.Қайпов биринши, Нөкис қаласындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқытыўшысы А.Кәримбаев екинши, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студенти А.Нуратдинов үшинши орынды ийеледи.
Жеңимпазлар Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы