Усы жыл 15-16-март күнлери аралығында Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги ҳәм Мәденият министрлиги менен биргеликте «Жаслар ҳаўазы» фестивалының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.
Таңлаў қатнасыўшылары 6 жастан 15 жасқа шекем ҳәм 16 жастан 30 жас категорияларында қатнасып, олар бақсышылық ҳәм дәстүрий атқарыўшылық, эстрада, опера бағдарлары бойынша өзлериниң талантын ҳәм қәбилетлерин жүзеге шығарды.
Фестивальдың аймақлық басқышы телетаңлаў тәризинде кастинг тийкарында өткерилди.
– Президентимиздиң республикамызға сапары даўамында Бозатаў районында «Жаслар ҳаўазы» фестивалын өткериў белгилеп алынған еди. Бул жерге барлық қала ҳәм районлардан 500 ден аслам жас талант ийелери келип, қәбилетлерин көрсетпекте,- дейди Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары И.Абдикаликов.
Фестиваль қатнасыўшылары тек ғана бир бағдар бойынша қатнасып, жанлы ҳаўазда қосық атқарды. Төрешилер қурамы тәрепинен атқарылған қосықлардың жаңалығы, текстиниң тәсиршеңлиги, ҳәм көркем образларға байлығы, қатнасыўшының даўысы, сахна мәденияты ҳәм атқарыў шеберлигине баҳа берилди.
Еки күн даўам еткен фестиваль жуўмағында жеңимпазлар анықланды. Атап айтқанда, 6-15 жас категориясында бақсышылық ҳәм дәстүрий атқарыўшылық бағдары бойынша Байрам Жаңабаев, опера бағдары бойынша Нышанбек Мырзамбетов, эстрада бағдары бойынша Мияссар Дәўлетбаева, 16-30 жас категориясында бақсышылық ҳәм дәстүрий атқарыўшылық бағдары бойынша Мухаммед Төребеков, опера бағдары бойынша Шыраз Турсынбаев, эстрада бағдары бойынша Мусағалий Жолдасбаевлар бириншиликти ийелеп, июнь айында Бозатаў районында өткерилетуғын мәмлекет басқышына жоллама алды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы