Нөкис қаласында 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде волейбол бойынша қызлар арасында «Универсиада-2020» жарысының ҳәм Өзбекстан супер кубоги жеңимпазы, сондай-ақ, усы жылдың 6-10-март күнлери футзал бойынша Ташкент ўәлаятының Шыршық қаласында 2008-жылы туўылған жас өспиримлер арасында болып өткен «Спорт мектеплери футбол лигасы» Өзбекстан чемпионатының жеңимпазы болған Қарақалпақстан сайланды командаларының ағзаларын сыйлықлаў мәресими болды.
Сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, бул еки команданың ойыншыларын қолға киргизген әжайып жеңиси менен қутлықлады.
Ҳақыйқатында да Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген тренер Азат Казаковтың шәкиртлери бүгинги күни Өзбекстанда ең күшли команда болып табылады. Өткен жылы волейболшы қызлар «Универсиада-2020» жарысында ҳәм Жиззақ ўәлаяты менен болып өткен Өзбекстан супер кубоги ушын өткерилген үш ойында да жеңиске ерисип, елимиздеги ең күшли командалардың бири екенлигин және бир мәрте тастыйықлады.
Ташкент ўәлаятының Шыршық қаласында 2008-жылы туўылған жас өспиримлер арасында «Спорт мектеплери футбол лигасы» Өзбекстан чемпионатында улыўма 13 команда қатнасқан болса, республикамыздың сайланды командасы Сурхандәрья, Наўайы, Қашқадәрья, ярым финальда Жиззақ, финальда Сырдәрья командаларын жеңип шығып, Өзбекстан чемпионы болды. Командамыз қарсыласлар дәрўазасына 14 топ өткерип, өздериниң дәрўазасынан бир де топ өткермеди. Команда ойыншыларынан Мамыт Хожабаев чемпионаттың ең жақсы қорғаўшысы, Нурбек Сәрсенбаев пенен Әзизбек Еримбетов чемпионат топ урарлары болды.
-Айрықша итибары ушын республикамыз басшыларына шексиз миннетдаршылық билдиремиз,-дейди футзал бойынша Қарақалпақстан сайланды командасының бас тренери Исламбек Уснатдинов.-Командамыздың қурамы тийкарынан Нөкис қаласы, Қоңырат, Кегейли, Хожели районларындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери тәрбияланыўшыларынан ибарат. Келешекте районларымыздан усындай қәбилетли балаларды сайланды команда қурамына қабыл етип, жарысларға таярлық көремиз.
Еки команда ойыншыларына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Алғыснама»сы ҳәм баҳалы саўғалар салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери