17-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаевтың телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Сөйлесиў алдында еки мәмлекет жетекшилери жақынласып киятырған Наўрыз әййямы мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, туўысқан халықларымызға тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў, саўда тараўындағы биргеликтеги жойбарларды алға қойыў, санаат кооперациясын күшейтиў ҳәм транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, аймақлараралық байланыслар ҳәм гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.
Түркий кеңестиң болажақ саммитине таярлық көриў мәселелери де додаланды.
Сөйлесиў әддетегидей ашық, қызғын ҳәм дослық руўхында өтти.
ӨзА