Бүгин түнде елимизге COVAC механизми шеңберинде Ҳиндстанда ислеп шығарылған коронавиурсқа қарсы AstraZeneca вакцинасының 660 мың дозадан ибарат дәслепки партиясы жетип келди.
Уллы Британияның усы атамадағы фирмасының авторлығында жаратылған бул шаншыў қуралын Өзбекстанға бийғәрез жәрдем түринде алып келиўде ЮНИСЕФ бас жеткерип бериўши болып есапланады. Бул структура бүгинги күнде дүньяның жәми 100 ге шамалас мәмлекетине вакцина жеткерип бермекте. Өзбекстан региондағы дәслепки сондай мәмлекет екенлиги айрықша итибарға ылайық.
Мәмлекетимиздиң Денсаўлықты сақлаў министрлиги, «Gavi The Vaccine Alliance» халықаралық шөлкеми, жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм ЮНИСЕФ менен биргеликте жолға қойылған Өзбекстан Республикасы иммунизация бағдарламасы шеңберинде келтирилген бул адамгершилик жүгин қабыл етип алыў мақсетинде бирге ислесиўшилер менен бирге Ҳиндстанның Өзбекстандағы елшиханасы, Европа Аўқамы ҳәм басқа да бир қатар халықаралық шөлкемлердиң елимиздеги ўәкилханаларының жуўаплы хызметкерлери де Ташкент халықаралық аэропортында жыйналды. Әмелге асырылып атырған жойбардың биринши басқышында май айында кейинги партияны алып келиў мөлшерленген. Улыўма, 2,3 миллион дозаны қурайтуғын бул басқыш арқалы шаншылыўы мүмкин болған халықтың дерлик 3 проценти қамтып алынады. Вакцинация процесинде, бәринен бурын, медицина хызметкерлери итибарға алынады, себеби олар тиккелей коронавиурсқа ушыраған наўқаслар менен тығыз қатнасықта болады. Соң гезек жасы 70 тен асқан пуқараларға бериледи. Жылдың ақырына шекем 20 процент жерлесимиздиң шаншылыўы нәзерде тутылған.
ЮНИСЕФ тәрепинен Өзбекстанда вакцинаны сақлаўға мөлшерленген суўықлық системасы менен тәмийинлеў бойынша системалы жумыс алып барылмақта. Ҳәзирги күнге шекем 17 музлатқышлы қоймахана иске қосылды. Жыл ақырына шекем және 4 система пайдаланыўға тапсырылады. Әлбетте бул комплекслер зәрүр үскенелер менен де тәмийинленген.
– Бул вакцинадан ҳеш бир мәмлекет бас тартқан жоқ, – дейди ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Мунир Мамедзаде, социаллық тармақларда тарқалған AstraZeneca вакцинасына байланыслы ҳәр қыйлы хабарларға түсиник берген ҳалда. – Ҳәзирги ўақытта бир неше мәмлекетте усы қуралдан пайдаланыўды ўақтынша тоқтатыў ҳаққында қарар қабыл етилген. Бүгин ЕАның тийисли бөлими усы ҳаққында түсиник берди. Яғный, бақланған унамсыз тәсирлер AstraZeneca вакцинасы менен байланыслы екенлиги ҳаққында анық бир жуўмақ жоқ. Соның ушын да ЖДСШ шаншыў процесин даўам еттириўди усыныс етпекте.
Шаншыў процесинде унамсыз тәсир менен байланыслы айырым жағдайлардың жүз бериўи тәбийғый жағдай. Бул вирустың өзи себепли келип шығатуғын машқалалар көлеми алдында арзымайтуғын муғдар. Ҳәзирги күнге шекем AstraZeneca вакцинасы менен шаншылған жәми 14 миллион адамнан тек ғана 17 адамда унамсыз тәсир бақланды. Бул жағдайлардың да мине усы шаншыў процеси менен байланыcлы екени толық тастыйықланбаған. Бул бойынша ЕА жуўапкер структураларының жуўмағы жақын күнлердиң ишинде жәрияланады.
ЮНИСЕФ COVAC механизми шеңберинде тек ғана ЖДСШ тәрепинен сертификатланған вакциналарды жеткерип бериў менен шуғылланады. Ҳәзирги күнге шекем ЖДСШ тастыйықлаған Pfizer, AstraZeneca ҳәм усы күнлери сертификат алған Jonson & Jonson вакциналары арасында Өзбекстан климаты, бул жердеги ҳаўа температурасы ушын ең сәйкес келетуғыны мине усы AstraZeneca болып есапланады.
Ҳәммемизге белгили шаншыў қәнигелер тәрепинен коронавирусқа қарсы гүресиўдиң ең нәтийжели усылы сыпатында тән алынған. Демек, вакцинаның келтирилиўи елимизде пандемияға қарсы алып барылып атырған гүрес процесинде оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Бүгинги күнде елимизде халықты вакцинация етиў ушын барлық зәрүр таярлық жумыслары әмелге асырылды. Соның ишинде, 3168 вакцинация пунктлери шөлкемлестириледи. Буннан тысқары 800 ден аслам мобиль бригада дүзилди. Халық бар қәўип итималына бола белгили топарларға бөлип шығылған.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
Темур МАМАДАМИНОВ (сүўрет)
ӨзА