Жәмийетлик тәртип ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, жынаятшылықты жылаўлаў жумысларын тиккелей мәҳәллелерде шөлкемлестириў, профилактика инспекторларының бүгинги күндеги жумысларының нәтийжелилигин буннан былай да  жетилистириў баслы ўазыйпалардың бири есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде ишки ислер уйымларының жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бағдарындағы жумысларына бағышланған мәжилис болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев профилактика инспекторлары менен ашық сәўбетлесиўде Жынаятшылықты мәҳәллелерде жылаўлаў, профилактика инспекторының жумыс жүклемесин жеңиллестирип, нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Әсиресе, Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпаларға айрықша  тоқтап өтип, мәҳәллелерде жынаятшылықтың алдын алыў, профилактика инспекторларының жумыс нәтийжелигин арттырыў ҳәм хызмет шараятларын жақсылаў сыяқлы мәселелер додаланды. Аймақларда жынаят жүз бериўиниң алдын алыў бойынша жуўапкершиликти арттырыў, өзин-өзи басқарыў уйымлары менен бирге ислесиўди жетилистириў, мәҳәллелерге бақлаў камераларын орнатыў арқалы жәмийетлик қәўипсизликти сақлаў бағдарындағы машқалаларды шешиў жоллары қарап шығылды.

Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша мәҳәллелерде алып барылып атырған жумыслар талқыланды. Соның менен бирге мәҳәллелерде жынаятшылықтың алдын алыў бойынша профилактика инспекторларының пикир ҳәм  усыныслары тыңланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги