Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республикалық арнаўлы комиссияның коронавирус пандемиясын есапқа алған ҳалда елимизде Наўрыз улыўмахалықлық байрамы илажларын шөлкемлестириў мәселелерине бағышланған кеңейтилген мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте кейинги күнлери халық арасында коронавирус инфекциясы менен кеселлениў жағдайларының әдеўир артқанлығы атап өтилди. Соның ушын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға:
байрам илажларын ҳаўа-райы шараятын есапқа алған ҳалда ашық орынларда, яғный бағлар, қыябанлар ҳәм ойын майданшаларында өткериў;
байрам илажларында халықты көп топламаў ҳәм келиўшилер нықапта болыўы және социаллық аралықты сақлаў үстинен қадағалаўды орнатыў;
халықтың көп топланыўының алдын алыў мақсетинде илажларды киши көлемде мәҳәллелерде шөлкемлестириў илажларын көриў сыяқлы көрсетпелер берилди.
Соның менен бирге, байрам илажларында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм қәўипсизлик илажларын көриў мақсетинде ҳуқық қорғаў уйымларына тийисли тапсырмалар берилди.
Орынларда болып өтетуғын байрам илажларын жоқары көркемлик дәрежеде өткериў, оның ушын эстрада қосықшылары ҳәм театр актёрларын тартыў сыяқлы ўазыйпалар белгиленди.
Сондай-ақ, Санитариялық-эпидемиология хызмети тәрепинен халық арасында коронавирус пенен кеселлениў жағдайларын ерте анықлаў бойынша ПЗР лабораториялардың толық қуўатлықларда жумысын шөлкемлестириў, сондай-ақ, коронавирус инфекциясына қарсы қәўип астындағы топарға киретуғын халық қатламын ықтыярлы шаншыў илажларын шөлкемлестириў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
Айырым сырт ел ҳәм қоңсы еллерде бүгинги күнде бақланып турған коронавирус инфекциясы менен байланыслы кескин эпидемиологиялық жағдайды есапқа алған ҳалда, елимизде усы сыяқлы жағдайлардың қайталанбаўы ушын кеңнен үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў усыныс етилди.
ӨзА