Бүгин, 13-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Амал мерекеси – Наўрыз жаршысы» атамасында әдебий-композициялық кеше болып өтти.
Туўысқан қазақ халқының миллий байрамларының бири болған Амал байрамы әййемнен шығыс халықлары ушын жаңа жыл – Наўрыздың басланыўы сыпатында кең түрде белгиленип келинген.
Бүгин де көп миллетли Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанда барлық миллет ўәкиллери сыяқлы туўысқан қазақ халқының миллий байрамы кең түрде белгиленди.
Кешени институт проректоры П.Калханов ашып берди ҳәм жыйналғанларды Амал мерекеси ҳәм Наўрыз байрамы менен қутлықлады.
Илажда қазақ халкының миллий тағамлары тарқатылып, институттың түркий тиллер факультети қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасы профессор-оқытыўшылары және студентлери тәрепинен шөлкемлестирилген әдебий-композициялық бағдарлама жыйналған нәзерине усынылды.
Бағдарламаға муўапық, студентлер қазақ халкының миллий үрп-әдетлери болған қыз узатыў, бет ашарларды сахналастырып, миллий қосықлар атқарып, аяқ-ойынға түсти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Автордың түсирген фотолары.