Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он жетинши сессиясында Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығының орынбасарын сайлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Бул лаўазымға Шлымбетов Женисбай Курбанбаевичтиң кандидатурасы усынылды. Бул ҳаққында ҚР Жоқарғы Кеңеси баспасөз хызмети хабар берди.

 

Бул бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти – Ж.Шлымбетов Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығының орынбасары етип сайланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.