Усы жыл 12-март күни Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебинде Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Азатбай Отарбаевтың 60 жыллығына бағышланған еслеў кешеси өткерилди.

Оған көркем өнер ғайраткерлери, заманласлары, кәсиплеслери, шәкиртлери, туўысқанлары ҳәм мектеп оқыўшылары қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары А.Отарбаев тәрепинен қолда исленген миллий саз әсбаплары көргизбесин тамашалады.

Буннан соң А.Отарбаевтың өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған видеоролик қойып берилди.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Қ.Зәретдинов,Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, А.Отарбаевтың  қарақалпақ миллий саз әсбапларын қайта ислеўде устазы Қурбанбай Ещановқа шәкирт болып түсип, дуўтар, қобыз, шыңқобыз, сырнай, қурай, гиржек, баламан сыяқлы әсбапларды соғып үйренип, өмириниң ақырына шекем балалары ҳәм шәкиртлерине жалықпай үйретип кеткенлигин, оның адамгершиликли пазыйлети ҳәм ерискен жетискенликлерин атап өтти.

– Бүгинги еслеў кешесинде А.Отарбаевтың  уста, өнермент сыпатында ислеген жумыслары ҳаққында көплеген мағлыўматқа ийе болдық. Ол өзи ислеп ғана қоймастан, бир қанша шәкиртлер де таярлаған. Өнерментшилик сырларын өзиниң перзентлерине атадан мийрас етип қалдырған, – дейди Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебинниң оқыўшысы Бахрам Кеңесбаев.

Илаж қатнасыўшыларына Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими «Мухаллес» дуўтаршылар ансамбли тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы