Усы жыл 11-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он жетинши сессиясы болып өтти.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткен сессияға Олий Мажлис Сенаты ҳәм ҳүкимет ағзалары, секторлар ҳәм тийисли тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашты.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессияның күн тәртибинде дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары тәрепинен мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының лаўазымлы шахсларына  жиберилген депутатлық сораўлардың орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине парламентлик сораўы жибериў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Бул бойынша Регламент ҳәм депутатлық әдеби мәселелери бойынша комиссияның баслығы К.Каримов баянат жасады.

Атап өтилгениндей, Президентимиз «Ҳәр бир депутат өз аймағындағы халықтың машқаласын шешиўде жанкүйерлик көрсетиўи, халықтың дәртин тыңлаўы зәрүр. Сонда депутат өз сайлаўшыларына берген ўәдесиниң үстинен шығады, халықтың исенимине ериседи», деген еди.

Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары өз сайлаўшылары менен ушырасып, олардың машқалаларын үйренип, халықтың исенимине ерисиўге, өзлериниң ўәкиллиги шеңберинде елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда қатнасыўға ҳәрекет етип келмекте. Атап айтқанда, өткен жылы бир қатар нызам жойбарларын ислеп шығыўда белсене қатнасты.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумысы үстинен нәтийжели парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў, қабыл етилип атырған нызамлар, жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық әҳмийетке ийе мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған жумыслар сезилерли дәрежеде алға қойылмақта.

Жоқарғы Кеңесте, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслеринде депутатлар жергиликли бюджетти тастыйықлаў, оның орынланыўын қадағалаўдан баслап, аймақлардағы әҳмийетли мәселелерди  сессияларда көрип шығылып, шешилмекте. Соның менен бирге, сессияларда жергиликли мәмлекетлик басқарыў уйымлары басшыларының есабатларын турақлы тыңлаў әмелияты кеңнен жолға қойылды. Булардың барлығы депутатлар корпусының жумысын түп-тийкарынан өзгертип, нызамда белгиленген ўәкилликлеринен өнимли пайдаланыў нәтийжелилигин арттырмақта.

Деген менен, депутатлар корпусы ўәкиллериниң толық жумыс алып барыўына тосқынлық етиўши айырым факторлар, атап айтқанда, парламентлик қадағалаўдың зәрүр институтларының бири есапланған депутат сораўы институтынан пайдаланыў,  оның кепилликлерин буннан былай да беккемлеў менен байланыслы шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый мәселелер бойынша машқалалардың бар екенлиги анықланбақта.  Атап айтқанда, лаўазымлы шахслар тәрепинен депутатлардың алдындағы өз ўазыйпасын орынламаў, олардың жумысына тосқынлық етиў ҳәм кепилликлерин бузыў, депутат сораўына жүзеки қараў, көрместен қалдырыў, оларды көрип шығыў мүддетлерин себепсиз бузыў  ямаса надурыс мағлыўматларды бериў жағдайлары да ушыраспақта.

Усы кемшиликлерди сапластырыў, Жоқарғы Кеңес депутатларының абырайын көтериў ҳәм мәмлекетлик уйымлардың депутатлық сораўларға болған көз қарасын өзгертиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине парламентлик сораўы жибериўди мақул тапты.

Депутатлар ҳәм сиясий партиялардың Жоқарғы Кеңестеги фракциялары басшылары  бул әҳмийетли мәселе бойынша өзлериниң пикирлерин билдирди ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда сондай-ақ «Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў бағдарында алып барылып атырған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң есабаты ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Мәденият министри Қ.Турдиев баянат жасады. Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Буннан кейин «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлериниң қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Басқа жумысқа өтиўи мүнәсибети менен Шукурулла Атаниязовты Жоқарғы Кеңестиң Аграр, суў хожалығы ҳәм тәбиятты қорғаў мәселелери комитетиниң баслығы лаўазымынан босатыў ҳаққында мәселе көрип шығылды. Депутатлар бул бойынша қарар қабыл етти. Жоқарғы Кеңестиң Аграр, суў хожалығы ҳәм тәбиятты қорғаў мәселелери комитетиниң баслығы лаўазымына 52-санлы «Қырантаў» сайлаў округинен Жоқарғы Кеңес депутаты Утамбетов Дүйсенбай Уснатдиновичтиң кандидатурасы усынылды.

Д.Утамбетов Аграр, суў хожалығы ҳәм тәбиятты қорғаў мәселелери комитетиниң баслығы етип сайланды ҳәм бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, сессияда Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығының орынбасарын сайлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.  Бул лаўазымға Шлымбетов Жеңисбай Қурбанбаевичтиң кандидатурасы усынылды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Күн тәртибиндеги гезектеги мәселе-«Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасарларын сайлаў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы талапларына муўапық, Адилов Абылай Агитаевичти Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының жынаят ислери бойынша орынбасары, Тарихов Камал Мақсетбаевичти Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының пуқаралық ислер бойынша орынбасары етип сайлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Өзбекстан Республикасы Судьялар Жоқары Кеңесиниң шешими тийкарында Өзбекстан Республикасы Президенти менен келисилген усынысы депутатларға билдирилди. Бул мәселе бойынша  депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Депутатлар Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлады.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он жетинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери