Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында дүнья классикалық әдебиятының ири ўәкиллеринен бири Вильям Шекспир қәлемине тийисли «Ромео ҳәм Жульетта» трагедиясының премьерасы болып өтти.
Оған мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, театр ықласбентлери менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының студент-жаслары және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Спектакльдиң XVI әсирдеги Италия көшелерин сәўлелендиретуғын сахналық көринис пенен ашылыўы жыйналғанларда өзгеше тәсир қалдырды.
Трагедия тийкарынан муҳаббат темасына қурылған болып, онда Ромео Монтекки менен Жульетта Капулетти арасында муҳаббат пайда болады. Бирақ олардың шаңарақлары көп жыллардан берли бир-бирине қарсы болып, еки жастың муҳаббаты бул қарама-қарсылықтан үстин болып, ҳәмме нәрсени ҳәттеки, өлимди де жеңип шығады.
-Спектакль Шекспирдиң ең белгили шығармаларынан бири болып, көплеген мәмлекетлердиң театр сахналарында сахналастырылған. Мине, бүгин бизлердиң театрымыз сахнасында да қойылмақта. Спектакльде Ромео ролин атқарып шықтым. Онда жас Ромеоның образын тамашагөйлерге толық жеткерип бериўге ҳәрекет еттим. Бунда устазым Аман Қудайназаровтың және устаз актёрлардың мийнетлери айрықша, – дейди театр актёры Расул Тлемисов. Спектакль жасларды инсан қәдир-қымбатының уллы екенлиги, садық ҳәм сабырлы болып, қыйыншылықларды жеңип шығыўға тәрбиялайды.
Спектакль У.Пиржанов тәрепинен қарақалпақ тилине аўдарылып, А.Қудайназаровтың режиссёрлығында сахналастырылған.
Спектакльде театрдың тәжирийбели ҳәм жас талантлы актёрларынан: Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Ж.Әбдимов (Монтекки), С.Арзиев (кньяз), П.Төлегенов (граф Парис), бас қаҳарманлар ролин Р.Тлемисов ҳәм Б.Бахиевалар шеберлик пенен атқарып шықты.
Премьерадан соң елимизге белгили устаз дөретиўшилер, көркем өнер ғайраткерлери шығып сөйлеп, театр жәмәәтин бул жетискенлиги менен қутлықлады. Сондай-ақ, спектакльде ушырасатуғын айырым қәте-кемшиликлер ҳаққында пикир-усыныслар билдирилип, оларды сапластырыў, спектакльдиң көркемлигин және де байытыўға келисип алынды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
Мақаланың сүўретлер М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген