Ассалаўма әлейкум, әзиз аналар!

Ҳүрметли апа-қарындаслар!

Гөззал ҳәм дилбар қызларым!

Бәринен бурын, сиз әзизлерди, пүткил елимиз ҳаялларын 8-март -Халықаралық ҳаял-қызлар күни менен шын жүрегимнен қызғын қутлықлайман.

Инсан турмысы ҳәм жәмийеттиң раўажланыўында муқәддес Ана заты, меҳрийбан ҳаялларымыздың бийбаҳа орнын әпиўайы сөзлер менен билдириў оғада қыйын ўазыйпа.

Мине усындай қутлы әййям күнлеринде сиз, әзизлерге арнап тәрийплер айтыў ушын адам шайыр болып туўылмағанына өкинип қалады. Бул жақты  дүньяны қуяшсыз, жер ҳәм аспансыз көз алдымызға келтирип болмағанындай, өмиримизди де әзиз аналарымыз, меҳрийбан ҳаялларымыздан бөлек жағдайда көз алдымызға келтире алмаймыз.

Сизлер биз ушын бәринен бурын муқаддес ана, әзиз Ўатан, шаңарақ тымсалы, таўсылмас меҳир, жақсылық ҳәм күш-ғайрат дәрегисиз. Бул әзелий ҳақыйқатты қыйын пандемия шараятында, әсиресе, терең сезинбектемиз.

Сизлер –пидайы шыпакерлер, меҳрийбан мийирбийкелер көрсеткен мәртлик себепли мың-мыңлаған  наўқаслар тәўир болып, турмыс қуўанышын және сезди.

Сизлердиң устаз сыпатындағы жумысыңыз есабынан миллионлаған перзентлеримиз тәлим-тәрбиядан үзилип қалмады.

Сизлердиң барлық тараўлардағы пидәкерлик мийнетиңиз есабынан елимиздиң қүдирети ҳәм потенциалы, халықаралық абырай-мәртебеси күн сайын артып бармақта.

Бүгин биз барлық тараўларда шекти жүдә үлкен алып атырмыз, қаншадан-қанша үлкен бағдарламалар, реже ҳәм жойбарларды әмелге асырып атырмыз. Олар биринши гезекте аналарымыз, апа-қарындасларымыз, әзиз перзентлеримиздиң турмыс ҳәм мийнет шараятын жақсылаўға қаратылған.

Пурсаттан пайдаланып, барлығымызға таўдай сүйениш болып, елимизде  әмелге асырылып атырған барлық үлкен өзгерислер процесинде белсене қатнасып киятырғаныңыз ушын сизлерге, пүткил  Өзбекстан ҳаял-қызларына миннетдаршылық билдиремен.

Бүгинги байрамға қатнасып атырған дипломат ҳаяллар – сырт еллердиң елшилери ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин де шын кеўилден қутлықлап, елимиз бенен нәтийжели бирге ислесип киятырғанлары ушын оларға шын жүректен миннетдаршылығымды билдиремен.

Қәдирли дослар!

Бүгинги күнде әзиз қәдирли ҳаялларымыздың барлық тараўлар менен тармақлардағы орны ҳәм тәсири және де артып бармақта. Буның тастыйығын республикамызда мийнет пенен бәнт халықтың 45 процентин ҳаял-қызлар қурап атырғанында да анық көриў мүмкин.

Ҳаялларымыз арасында белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, соның ишинде, онлаған сенатор ҳәм депутатлар, министр ҳәм ҳәкимлер, Өзбекстан Қаҳарманлары, академиклер, профессорлар, Өзбекстан халық шайырлары, Халық муғаллимлери, Халық артистлери, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң белсенди ўәкиллериниң бар екенлиги барлығымызды қуўандырады.

Ҳәзирги ўақытта елимиздиң басқарыў системасында ҳаяллардың үлеси 33 процентке жетти. Елимиз бойынша бир ярымға шамалас ҳаял-қызлар ҳәр қыйлы дәрежедеги басшылық лаўазымларында жумыс ислемекте. Атап айтқанда, шөлкемлестириўши ҳәм интакер апа-қарындасларымыз 6 районда ҳәким ўазыйпасында, жүзлеген аймақларымызда орынбасар ҳәм кеңесгөй лаўазымларында нәтийжели жумыс ислемекте. Ири кәрханалар, банклер ҳәм компаниялар, исбилерменлик субъектлерин басқармақта.

Мине усындай үлкен потенциалды және де арттырыў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда олардың қатнасын күшейтиў мақсетинде 6 мыңнан аслам белсенди ҳаял-қызлардан ибарат кадарлар резерви қәлиплестирилди.

Бундай заманагөй билим ҳәм талантқа, жетекшилик қәбилетине ийе, ел-халқымыз ушын пидайы ҳаял-қызларымыз – халқымыздың, миллетимиздиң алтын фонды, десек, ҳеш қандай қәте болмайды.

Әзиз ҳәм қәдирли апа-қарындаслар!

Кейинги жыллары ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, шаңарақ институтын ҳәр тәреплеме беккемлеў бойынша салмақлы жумыслар алып барылмақта. Бул бағдардағы мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде ең төменги буўын – мәҳәлле ҳәм шаңараққа шекем кирип баратуғын вертикал системаның жаратылып атырғанын айрықша атап өтиў зәрүр.

Хабарыңыз бар, 26-февраль күни болып өткен виедоселекторда мине усы система тийкарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдымызда турған режелерди ҳәр тәреплеме додалаған едик. Мине усы әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўда, ҳүрметли апа-қарындасларымыз буннан былай да белсене қатнасасызлар, деп исенемен.

Кейинги ўақытта Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги администрациясы басшылығында республикалық жумысшы топар дүзилип, барлық аймақларда ҳаялларды қыйнап атырған машқалалар анықланды. Бул машқалалар бойынша мәнзилли жумыс алып барыў ушын пүткиллей жаңа система – «ҳаял-қызлар дәптери»н енгиздик.

Кейинги 3 айда республикалық комиссия тәрепинен бул «дәптер»ге киргизилген 80 мың ҳаял-қыздың машқалалары шешилди. Социаллық қорғаўға мүтәж, турмыс шараяты аўыр ҳаяллардың 32 мыңы жумыс пенен тәмийинленди. Кризиске қарсы гүресиў қорының қаржылары есабынан дерлик 17 мың ҳаял-қызға әмелий жәрдемлер көрсетилди.

Тек ғана «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде 126 мыңға шамалас ҳаялларға жеңиллетилген кредитлер берилди. Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў ушын дерлик 215 мың шаңараққа 6 триллион сумнан аслам кредит қаржылары ажыратылды. Дерлик 55 мың ҳаял-қызлар исбилерменлик ҳәм кәсип-өнер орайлары тәрепинен оқытылды, өнерментшилик ҳәм жумысты үйге бөлип алып ислеўге тартылды.

«Бес әҳмийетли баслама» шеңберинде алыс аймақларда тигиўшилик цехлары шөлкемлестирилип, 10 мың ҳаялдың бәнтлиги тәмийинленди.

Турақ жай сатып алыў ушын 1 мың 250 апа-қарындасларымызға дерлик 22 миллард сумлық басланғыш төлемлер төлеп берилди.

Бундай ийгиликли ислер усы жылы да даўам еттириледи. Мен бул бойынша күни кеше жаңа қарарға қол қойдым. Оған бола жәмийетте ҳаялларымызға болған итибарды ең төменги буўын – мәҳәллеге шекем жеткерип, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасы жаратылмақта.

Буннан былай Өзбекстанда ҳеш бир ҳаял мәмлекет ҳәм жәмийеттиң итибарынан шетте қалмайды.

Сондай-ақ, усы жылы турмыс шараяты аўыр болған ҳаяллар және жалғыз анасының қарамағында өскен қызларды турақ жай менен тәмийинлеў мақсетинде бюджеттен 210 миллиард сум қаржы ажыратылады.

Баспанасы болмаған ҳаялларды ижара тийкарында «социаллық турақ жайлар» менен тәмийинлеў ушын және 211 миллиард сум қаратамыз. Буннан тысқары, бағыўшысын жоғалтқан және басқалардың жәрдемине мүтәж болған ҳаял-қызларға метериаллық жәрдем бериў ҳәм маман медициналық жәрдемге мүтәж ҳаялларды емлеў ушын қосымша түрде  110 миллард сум бериледи.

Соның менен бирге, ҳаяллардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге оқытыў, исбилерменлик тараўындағы басламаларын қоллап-қуўатлаў ушын бюджеттен қосымша түрде 600 миллиард сум ажыратылады.

Және бир әҳмийетли мәселе. Кейинги ўақытта өсип киятырған перзентлеримиздиң тәрбиясына, улыўма, шаңарақ институтына унамсыз тәсир көрсететуғын шаңарақлық ажырасыўлардың алдын алыў бойынша нәтийжели жумыс алып барылмақта. Буны мәҳәлле белсендилери ҳәм жәмийетшиликтиң ис-ҳәрекетлери менен ажырасыў жағасына келип қалған 23 мыңға шамалас шаңарақтың жарастырылғаны, ажырасыўлардың саны 3 мыңнан асламға азайғаны да көрсетип тур. Бирақ бир ашшы ҳақыйқатты тән алыўымыз керек. Бул санлар еле жоқары болып қалмақта. Өткен жылы 28 мыңнан аслам шаңарақтың ажырасып кеткени де пикиримизди тастыйықлайды.

Әлбетте, барлығымыздың нийетимиз, тилегимиз бир: қәнекей, елимизде ажырасыў деген унамсыз жағдайдың өзи болмаса, шаңарақлар бөлек-бөлек, балалар тири жетим болып, сергиздан болмаса еди.

Мен бир пикирди қайта-қайта айтыўдан шаршамайман.

Шаңарақ – бул меҳир ҳәм бахыт қорғаны. Шаңарақ бар екен, перзент деген бийбаҳа жемис бар, инсаный қәдир-қымбат ҳәм мәнаўият бар. Шаңарақлық бахыт бул – ең уллы бахыт. Белгили қосықлардың биринде айтылғанындай, «Үйинде бахыты барлар  – ҳәмме жерде бахтияр».

Мен әзиз жигит-қызларымызға мүрәжат етип айтпақшыман: турмыс қурыўға, шаңараққа, перзент тәғдирине оғада терең жуўапкершилик пенен қараң. Бул мәселеге жүзеки қатнаста болып, ҳәм өзиңиз, ҳәм өзге бир инсанның өмирин қәўипке қоймаң.

Мен бул бағдарда көпти  көрген мәҳәлле белсендилери, ҳүрметли ветеранларымыз, кейўанылар, мәнаўиятымыз ҳәм динимиздиң пидайылары, өз заманласларына үлги болып киятырған жасларымыз бир жағадан бас шығарып ҳәрекет етеди, деп исенемен.

Қәдирли ўатанласлар!

Сизлерге белгили, жақында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жоқары минберинен турып, жәмийетлик-сиясий турмыста ҳәм исбилерменлик тараўында ҳаяллардың ролин түр-тийкарынан арттырыўға қаратылған жумысларды исенимли даўам еттиретуғынымызды атап өттим.

Бул жолдағы әҳмийетли қәдемлеримизден бири сыпатында быйыл елимизде Орайлық Азия еллери жетекши ҳаялларының сөйлесиўин ҳәм ҳаял-қызлардың регионаллық бизнес форумын өткеремиз.

Бул бағдардағы жумысларымызды жеделлестириў ушын «2020-2030-жыллары Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясы»н қабыл етип, оны әмелге асырыўға кирисиўимиз керек.

Қызларымыздың тәрбиясы, оларды еркин турмысқа  таярлаў, олардың заманагөй билим ҳәм өнерлерди ийелеўи, жумыс орнына ийе болыўы, жәмийетте мүнәсип орнын табыўына айрықша әҳмийет бериўимиз зәрүр.

«Ҳаял-қызлар дәптери» бойынша «мәҳәлле кесиминде», «шаңарақ кесиминде» ислесиў усылы арқалы ҳәр бир мәҳәлле ҳәм шаңарақ кесиминде олардың машқалаларын унамлы шешиўимиз шәрт.

Барлығыңызға жақсы белгили, орынларда жаңадан-жаңа «IT-парк»лер шөлкемлестирип атырмыз. Бул арқалы мийнет базарында «ақыллы технологиялар», инновациялар тийкарында әмелге асырылатуғын жаңа хызмет түрлери көбейип бармақта.

Бул жерлерде ким ислейди? Бул базарды ким ийелейди? Әлбетте, өзимиздиң балаларымыз, қызларымыз ийелеўи керек.

Әсиресе китапқумарлық, әдебият, көркем өнер ҳәм спортқа меҳир жасларымыз турмысының ажыралмас бөлегине айланыўы тийис. Хабарыңыз бар, кейинги ўақытта жәмийетимиз турмысында руўхый-ағартыўышылық жумысларды күшейтиў бойынша жаңа қарар ҳәм бағдарламалар қабыл еттик. Оларды толық әмелге асырыўда биз биринши гезекте сиз, ҳүрметли ҳаял-қызларымыздың белсендилигиңиз, жоқары интеллектуаллық потенциалыңыз, билим ҳәм тәжирийбеңизге сүйенемиз.

Қәдирли ўатанласлар!

Ҳәр жылы усы қутлы сәне алдында оқыўда, жумыста, жәмийетлик жумысларда, өзиниң талант ҳәм қәбилетин көрсетиўде дәслепки жетискенликлерге ерискен қәбилетли қызларымызды Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаў елимизде жақсы бир дәстүрге айланып қалды.

Бүгин, мине, усындай қызларымыздың қатарына және 28 қәбилетли жасларымыз қосылмақта. Олар келешекте  Зульфия апамыз сыяқлы оқыўда, мийнетте, жеке өмирде, өз таланты, билим ҳәм қәбилетин Ўатанымыздың раўажланыўы жолында жумсаўда барлық жасларымызға үлги болады, деп исенемен.

Ҳәзирги ўақытта бүгинги байрам алдында көп жыллар даўамында өз тараўында үлкен нәтийжелерге ерискен, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасып киятырған апа-қарындасларымыздан 297 си «Мўътабар аёл» белгиси менен сыйлықланды.

Күни кеше қабыл етилген Пәрманға муўапық, шаңарақ ҳәм жәмийетти беккемлеў, жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бағдарындағы мүнәсип хызметлери ушын ҳүрметли ҳаялларымыздан үлкен бир топары жоқары мәмлекетлик сыйлықларға ийе болды.

Келиң, олардың барлығын қызғын алғыслап, шын кеўилден қутлықлайық!

Бүгинги берекетли, умытылмас күнде Сизлер менен бирге апа-қарындасларымыздың мүнәсип ўәкиллерине және Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланған қызларымызға, мине, усы ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальларды тапсырыў мен ушын үлкен мақтаныш.

Ҳүрметли дослар!

Биз елимиздеги ҳәр бир ҳаял тымсалында, бәринен бурын уллы зат – Ана образын көремиз. Сонлықтан  «Бәринен бурын анаңызға және бир рет анаңызға жақсылық етиң», деген мүбәрек ҳәдиске әмел етип, меҳрибан аналарымыз, қәдирли апа-қарындасларымыз, дилбар қызларымызға итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиўди инсаныйлық миннетимиз, деп билемиз. Ҳәзирет Мир Әлийшер Наўайы бабамыз айтқанындай, Сизлердиң алдыңыздағы  бул қарызымыздың есесин, мың ғәзийне менен де төлеп болмайды.

Биз жақсы түсинемиз – ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплери тәмийинленген жәмийетте әлбетте тынышлық, әдиллик, еркинлик ҳәм абаданлық болады. Ҳаял-бахытлы болса, шаңарақ ҳәм жәмийет те әлбетте бахытлы болады.

Барлығымыз – Президенттен баслап ең төменги буўындағы басшы ҳәм жуўапкерлер, мине, усы әҳмийетли өлшемге әмел етип ислеўимиз зәрүр. Сонда ғана халқымыз да, Жаратқан да бизден разы болады.

Әзиз ҳәм ҳүрметли апа-қарындаслар!

Сизлерди 8-март байрамы менен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлап, барлығыңызға денсаўлық, шаңарақларыңызға тынышлық, қут-берекет тилеймен.

Ҳәмийше жақынларыңыз, перзент ҳәм ақлықларыңыз, ел-халқымыз ардағында болып жүриў несип етсин!

Өмириңиз узақ, бахтыңыз зияда болсын!

Гөззал байрамыңыз мүбәрек болсын!

Барлығыңызға үлкен рахмет.