Усы атамада 2017-жыл – «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик Бағдарламасы шеңберинде Өзбекистан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 26 жыллығына арнап, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында академиялық лицей ҳәм кәсип өнер колледжлери оқыўшыларына диплом тапсырыўға арналған салтанатлы мәресим болып өтти.  

Салтанатлы түрде жоқары кейпиятта өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў басқармасы баслығы А.Аяпов, Қарақалпақстан Республикасы «Нураный» қорының баслығы Ш.Уснатдинов ҳәм басқалар елимизде билимлендириў билимлендириў тараўын жаңалаў, ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдары етип белгиленгенин атап өтти.

Ҳақыйқатында да, жасларымызды ҳеш кимнен кем болмаған инсанлар етип кәмалға келтириў жолында үлкен реформалар әмелге асырылмақта. Президентимиз тәрепинен, әсиресе, алыс аймақлардағы ул-қызлардың қәбилетин жүзеге шығарыў мақсетинде қаратылып атырған итибар ҳәм ғамхорлықлар көп күттирмей-ақ өзиниң нәтийжесин бермекте. Атап айтқанда, 4 оқыўшы улыўма пән олимпиадасының IV басқышында  cыйлы орынлар есесине командалық есапта 3-орынды ийелеп қайтқан болса, 18 оқыўшы спорттың ҳәр қыйлы түрлери бойынша чемпионлықты қолға киргизди. Сондай-ақ, алдыңғы жыллардан парықлы түрде быйыл республикамыздан еки қызға «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлық несип етти. Усылайынша быйыл академиялық лицей ҳәм кәсип өнер колледжлериниң 24 питкериўшиси жоқары оқыў орынларына имтиязлы студент сыпатында қабыл етилетуғын болды.

Илажда усы оқыўшыларға орта арнаўлы оқыў орнын питкериўине байланыслы дипломлар, олардың ата-аналарына алғыснамалар тапсырылып, қәўендер министрлик ҳәм шөлкемлер тәрепинен саўғалар берилди.

Елимизде жаслардың өзи қәлеген кәсипти ийелеўи, белгили бир өнердиң маманы болып жетисиўи ушын имканиятлар ҳәм шараятлар жаратылған. Республикамызда усындай шараятлардан ақылға уғрас пайдаланып, қолы гүл, өз өнериниң устасы атанып атырған жаслар да көпшилик. «Кәсип шеберлиги» таңлаўының Өзбекистан Республикасы басқышында бириншиликти қолға киргизип, Санкт-Петербург қаласына жолламаны қолға киргизген Елликқала турмыс хызметин көрсетиў кәсип өнер колледжин айрықша диплом менен тамамлаған оқыўшы Г.Ҳәкимбаева, «Ең жақсы жас жумысшы кәсиби ийеси» таңлаўының «Аспазлық» бағдарында республикалық басқышта жеңимпаз болған М.Бабажановаларды солар қатарында атап өтиў орынлы болады.

Усындай жаслардан 5 оқыўшы нураный устазлар, «Шухрат» медали ийелериниң қолынан дипломларын алды.

Салтанатлы илажда айрықша қәбилети, зийреклиги, билими менен көзге түскен академиялық лицей ҳәм кәсип өнер колледжлериниң 50 ден аслам питкериўшилерине  дипломлар тапсырылды.

Республикамыздың көркем өнер ғайраткерлериниң атқарыўындағы йошли қосықлар, миллий ҳәм басқа миллетлердиң  музыкасы менен аяқ ойынларынан ибарат көркем бағдарламалар илажды мазмуны жағынан және де байытты.

Илажда питкериўшилер ҳәм олардың ата-аналары жасларға үлкен итибары ҳәм ғамхорлығы ушын елимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар

агентлигиниң хабаршысы