Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.Исламов басшылығындағы жумысшы топар ағзалары тәрепинен судуқық мәселелери бойынша гезектеги ғалаба қабыллаўлар болып өтпекте.

Атап айтқанда, Нөкис қаласында болып өткен қабыллаўдың биринши күнинде Жоқарғы суд, Судьялардың жоқарғы кеңеси, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлигиниң басшылары бул жерге келген мүрәжатшыларды қабыл етти.

Қарақалпақстан Республикасында суд-ҳуқық системасына байланыслы мурәжатлардың көрип шығылып атырғаны тосыннан емес. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, өткен жылы ҳәм быйылғы жылдың өткен дәўиринде Президенттиң виртуал қабыллаўханасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханаларына 54 мыңнан зыят мүрәжат келип түскен болса, соннан 51 мың 210 мүрәжат көрип шығылған. Усылардан 27,7 мыңнан зыятында көтерилген мәселеге шешим табылған, қалғанлары бойынша түсиник берилген.

Бул мүрәжатлардың көпшилиги суд, прокуратура ҳәм ишки ислер системасына тийисли. Усы дәўирде суд системасы бойынша келип түскен 1,8 мыңнан зыят мүрәжаттың 556 сы, прокуратура жумысына байланыслы 2 мың 635 мүрәжаттың 1 мың 143 и, ишки ислерде көрип шығылған дерлик 2 мың 950 мүрәжаттың 1,8 мыңы қанаатландырылған болса да, олардың анализи бул бағдарда республикамыз аймағында бир қатар машқалалардың бар екенлигин көрсетти.

Гезектеги қабыллаўда суд-ҳуқық мәселесинде шешим излеп жүрген пуқараларға өзлерин қыйнап жүрген машқалалар бойынша тараў басшылары менен  жүзбе-жүз ушырасыў ушын әҳмийетли платформа болғанлығын дәслепки күнге сөйлесиўлерде  және бир мәрте өз тастыйығын тапты. Ҳәр бир тараўдың өз алдына республикамыздағы аймақлық басшылар менен биргеликте көрип шығылғаны болса мүрәжатшылар ушын да, жуўапкерлер ушын да ҳәр бир мәселени тереңнен үйрениў, машқалаларға оптимал шешим табыў имканиятын берди.

Нөкис қаласынан Гүлсәнем Бүркитова 2019-жылы пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судына жумыстан орынсыз босатылғанын айтып, жумысқа тиклениў мәселесинде даўа арза берген. Судтың қарарында оның жумыстан дурыс ҳәм нызамлы босатылғаны дәлилленип, арза қайтарылған. Кейинги инстанцияда да судтың қарары өз күшинде қалдырылған. Жумыссыз қалғаннан соң ол бул реттеги қабыллаўда Судьялар жоқары кеңесинен суд қарарын қайта көрип шығыўын сорады. Жуўапкерлер болса мүрәжатшыға суд дурыс қарар қабыл еткенлигин, қанша мүрәжат етседе биринши инстанция суды қарарының өзгермеслигин айтып, басқа тараў басшылары менен мәсләҳәтлескен ҳалда, оны турақлы жумыс пенен тәмийинлеў мәселеси өз шешимин тапты.  Гүлсәнем Бүркитова усы күнниң өзинде «Ҳудудгаз Қорақалпоғистон» газ тәмийнатының филиалына қадағалаўшы ўазыйпасына жумысқа қабыл етилди.

-2018-жылы автоавария нәтийжесинде екинши топар майып болып қалдым,-дейди Нөкис қаласынан Роза Қайпназарова.-Ташкент қаласына барып аяғыма операция ислетип қайтыўым ушын көп пул керек болды. Өткен жылғы қабыллаўда емлениўим ушын жәрдем сорап мүрәжат еткен елим, маған жергиликли бюджеттен жетерли муғдарда қаржылай жәрдем берилди. Мине усының нәтийжесинде саўалып, бүгинги күни жүре басладым. Қабыллаўда Бас прокуратура басшыларына миннетдаршылық билдириў ушын келсем, мениң жоқары мағлыўматлы ҳуқықтаныўшы екенимди есапқа алып, бос жумыс орынларының бирине жоллама берди.

Және бир мүрәжат ийеси Пазылбек Абдижалиевтиң Нөкис қаласындағы 2 сотыхлы 6 бөлмели турақ жайы 2016-жылы бузылған. Бирақ оған усы күнге шекем жер майданыда ажыратылмаған, компенцацияда төленбеген. Нәтийжеде қурылыс кәрханасының ўәкили оны алдып, үш перзенти менен екинши топар майыплығы болған ҳаялын көшеде қалдырған.

Бас прокуратура басшылары сергиздан болып жүрген бул шаңарақтың мүрәжатын өзлериниң қадағалаўына алды. Бузылған үйдиң анық баҳасын шығарыў, мүлк ийеси менен қурылыс шөлкеми арасындағы келиспеўшиликке ҳуқықый баҳа бериў, айыпкерлерди анықлаў ушын тергеўге шекемги тексериў өткериў, нәтийжеде әдалатты қарар таптырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасына анық мүддетли қатаң тапсырма берилди.

Нөкис қаласында өткерилген дәслепки күнги қабыллаўда 606 пуқараның 626 мәселеси көрип шығылды. Соннан 94 и сол жерде унамлы шешимин тапқан болса, 218 и бойынша ҳуқықый мәсләҳәт, 39 пуқараға түсиник берилди. 275 мәселе бойынша анық мүддет ҳәм жуўапкерлер бириктирилип, орынланыўы қадағалаўға алынды.

Усындай қабыллаў өткен күни Әмиўдәрья районында да болып өтти.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы