Арқа-батыс әскерий округи мобилизациялық шақырыў резерви батальонында бир айлық басланғыш әскерий таярлықтан өткен 500 ге жақын жаслар ант қабыл етти.
Мәресимге Арқа–батыс әскерий округи сәркардалары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери және Қураллы Күшлер ветеранлары қатнасты.
Илаж қатнасыўшылары ер жигиттиң өмиринде бир мәрте болатуғын мақтанышлы мәресим менен қутлықлап, Ўатанға хызмет етиў пуқаралық миннет екенлиги, Ўатанға садық перзент болыўын тиледи.
Илаж қатнасыўшыларына Нөкис гарнизоны әскерий оркестри тәрепинен әскерий хызметкерлердиң көргизбели шығыўы ҳәм концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги