Ардақлы шайырымыз Зульфия Исраилованың туўылғанына 106 жыл толыў мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында әдебий кеше өткерилди.

Оған филиалдың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары қатнасты.

Илажда шайырдың өзбек әдебиятының раўажланыўына қосқан үлеси, терең лиризм менен суўғарылған тәсирли қосықлары, өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында кең түрде сөз етилди.

-Шайыр Зульфия бәҳәр жыршысы болып, оның дөретпелери тек ғана өзбек әдебиятында ғана емес, ал пүткил түркий тиллес ҳәм басқа да халықлар әдебиятында  өзине тән дөретиўшилик жолы менен из қалдырды,- дейди филиалдың жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң баслығы О.Қдырниязова.

Илаж қатнасыўшыларына филиалдың студент-жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги