Ӄараӄалпаӄстан Республикасы Турақ-жай коммуналлық  хызмет көрсетиӯ министрлиги тәрепинен 2017-2020-жылларда тараӯда әмелге асырылған жумысларға бағышланған  баспасөз әнжуманы болып өтти.

Әнжуманға усы министрлик ҳәм оған  ӄараслы болған мәкеме-кәрхана басшылары менен бирге,  республикамыздағы ғалаба хабар ӄураллары ӯәкиллери ӄатнасты.

Онда Ӄараӄалпаӄстан Республикасы Турақ-жай коммуналлық  хызмет көрсетиӯ министри А. Досназаров, министрдиң орынбасары Ж.  Ҳәбибуллаев, «Турақ-жайфондинспекциясы» Ӄараӄалпаӄстан Республикасы аймаӄлыӄ филиалы баслығы З. Ражабовлар шығып сөйлеп, министрлик тәрепинен соңғы жыллары алып барылып атырған жумыслар ҳәм алдағы ӯаӄытлары ислениӯи тийис ӯазыйпалар жөнинде кең түрде айтып өтти.

Атап айтӄанда баянатшылар тәрепинен республикамыз бойынша 1386 көп ӄабатлы тураӄ жайлар пайдаланыӯда болып, олардың 91 ине жеке меншик тураӄ жай шерикликлери ҳәм 10 басӄарыӯ компаниялары хызмет көрсетип атырғаны, ҳүкиметимиз тәрепинен ӄабыл етилген ӄарар тийкарында 2017-2020-жыллары көп квартиралы тураӄ жай фондын оңлаӯ ҳәм әтирапын абаданластырыӯ маӄсетинде 203,8млрд сум ӄаржы есабынан 901 көп квартиралы жайлардың төбелери шиферланғаны, 707 орында  балалар майданшасы ӄурылғаны, 834 жайдың алдындағы тротуарлары бетонланғаны, 722 синиң сыртӄы фасады, 1768 подъездлердиң оңланғаны ҳәм 284 жайдыӊ сыртына ҳәжетханалар ӄурып берилгени айтып өтилип, соның менен бирге «Бирден-бир есап-санаӄ орайы» МУК тәрепинен әмелге асырылған соңғы жаңалыӄлар ҳәм ыссылыӄ тәмийнаты тараӯында алып барылып атырған жумыслар туӯралы да кең түрде түсиниклер берилди.

Буннан соң журналист ҳәм блогерлер бүгинги күни халӄымызды ойландырып киятырған мәселелер бойынша министрлик басшыларыына сораӯлар берип, оларға тийисли жуӯап алды.

 

Адилбай Оразов,

Ӄараӄалпаӄстан хабар агентлиги.