USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 18 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ТҮРКМЕНСТАН ПРЕЗИДЕНТИ ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИНЕ ХАТ ЖОЛЛАДЫ

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза

Шавкат Мирзиёевқа

 

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Әзиз достым!

Мениң атыма жолланған, Түркменстан ҳәм Өзбекстан арасындағы дәстүрий дослық байланыслары терең талланып, еллеримиздиң бирге ислесиўин беккемлеў ушын кең имканиятлар бар екенлиги атап өтилген хатыңыз ушын Сизге терең миннетдаршылық билдириў бахтына миясарман.

Сизиң еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары ҳаққындағы пикирлериңизди толық қоллап-қуўатлап, мен Түркменстан ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы қатнасықлар стратегиялық шериклик характерине ийе екенлигин айрықша атап өтпекшимен.

Халықларымыз арасындағы жақсы қоңсышылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм қоллап-қуўатлаў принциплерине муўапық көп жыллардан берли жедел раўажланып киятырған дослық ҳәм туўысқанлық байланыслары бүгинги күнде жаңа мазмунға ийе болғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен.

Уллы ҳәм жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер еки тәреплеме бирге ислесиўдиң жоқары дәрежесин тәмийинлеўде әҳмийетли орынға ийе болмақта. Сиз бенен Ашхабад ҳәм Ташкентте болып өткен ушырасыўларымызды, оларда Түркменстан – Өзбекстан қатнасықларының түрли тәреплерин додлағанымыз, көплеген әҳмийетли мәденият орынларының ашылыўында қатнасқанымызды айрықша жарқын тәсирлениўлер менен еслеймен.

Ташкент қаласында түркмен шайыры ҳәм философы, классикалық әдебиятымыздың ғайраткери Махтумқулы атына қойылған  көше және оның көриниси сүўретленген естелик, «Ашхабад» мәденият ҳәм дем алыў бағы, сондай-ақ, Хорезм ўәлаятында Өзбекстан-Түркменстан дослық үйи ҳәм «Уллы ҳәўли» мәдений комплексиниң ашылыўы халықларымыздың мәңги дослығының жарқын белгиси болып хызмет етпекте.

Өз гезегинде, Түркменстан пайтахтындағы «Илҳам» орайлық паркинде Шығыстың уллы шайыры ҳәм ойшылы Әлийшер Наўайының үлкен естелиги орнатылды ҳәм Ашхабадтың тиккелей Президент сарайына жақын орайлық көшелеринен бирине уллы шайырдың аты берилди.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Ҳәзирги ўақытта Сизге соны да мәлим етпекшимен, күни кеше Ашхабад орайында Өзбекстан пайтахты атына заманагөй «Ташкент» мәденият ҳәм дем алыў бағын жойбарластырыў ҳәм қурыў ушын тендер жәрияланды.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан компаняларын бул тендерде қатнасыўға мирәт етемен.

Соның менен бирге, және бир әҳмийетли жаңалықты сизге жеткермекшимен. Жақында биз 2020-жылғы ең үлгили социаллық-экономикалық ҳәм мәдений көрсеткишлер бойынша Түркменстан районлары арасында өткерилген таңлаў жеңимпазын жәрияладық. Бул таңлаўда Ташаўыз ўәлаятының С.А.Ниёзов районы жеңимпаз болып, 1 миллион АҚШ доллары муғдарындағы сыйлыққа еристи. Бул район халқының  99 процентин өзбеклер қурайтуғынын атап өтиў маған қанаатланыўшылық бағышлайды.

Мәдений-гуманитарлық байланыслар еллеримиз арасындағы қатнасықларды раўажландырыўда әҳмийетли роль атқарады. Еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырып, биз түркмен ҳәм өзбек халықларының әзелий дослық ҳәм өз-ара мийрим-шәпәәт дәстүрлерине, олардың тийкарғы мәнаўий ҳәм тарийхый қәдириятларының уқсаслығына сүйенемиз.

Сол көзқарастан, 2021-жыл 17-февраль күни Ашхабадта уллы шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Заҳириддин Муҳаммед Бабур туўылған күниниң 538 жыллығына бағышланған илаж болып өткенин атап өтиў де маған үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.

Бундай илажларды өз-ара өткерип барыў улыўма мәдениятларымыз, тарийхый тулғаларымызды ғалаба ен жайдырыўға үлкен үлес қосады, халықларымыз арасындағы дослықты беккемлейди.

Әзиз достым!

Түркменстан унамлы нейтраллық принциплерине тийкарланып, регионаллық ҳәм регионлараралық бирге ислесиўде бәрқулла белсене қатнаспақта.

Бүгинги күнде Түркменстанның басламасы менен регионның турақлы раўажланыўына әмелий түртки бериўге қаратылған энергетика, транспорт ҳәм коммуникация тараўларында кең көлемли регионлараралық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Жоқарыдағы пикирлерден келип шығып, биз Өзбекстанның 2021-жыл 15-16-июль күнлери Ташкент қаласында «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық өз-ара байланыслылық. Қәўип ҳәм имканиятлар» темасында жоқары дәрежели халықаралық конференция өткериўге байланыслы басламасын алғыслаймыз ҳәм толық қоллап-қуўатлаймыз.

Бул форумға үлкен әҳмийет берген ҳалда, Түркменстан оның жумысында қатнасыў ушын рәсмий делегацияны жибереди. Конференция жумысы нәтийжели болады, оның нәтийжелери болса Орайлық ҳәм Қубла Азия еллери арасындағы өз-ара байланыслар ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеўге салмақлы үлес қосады, деп исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизге беккем денсаўлық, көп қырлы мәмлекетшилик жумысыңызға үлкен табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

 

Терең ҳүрмет пенен,

 

Гурбангули БЕРДИМУҲАМЕДОВ

Түркменстан Президенти