Ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Жас китапқумар» таңлаўы быйылғы жылы да көтериңкилик пенен өткерилди.
Усы жыл 22-23-февраль күнлери аралығында Қарақалпақстан телерадиокомпаниясында таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.
Таңлаў 3 жас категориясында өткерилип, оған барлық қала ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған жаслар қатнасты.
Солай етип, таңлаў жуўмағында 10-14 жас категориясы бойынша пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниң оқыўшысы Айнура Әлимжанова, 15-19 жас категориясында Бозатаў районындағы 1-санлы академиялық лицейи оқыўшысы Бийбайым Жолдасбаева, 20-30 жас категориясы бойынша Нөкис районындағы 4-санлы орта улыўма билим бериў мектебиниң оқытыўшысы Асқар Ешмуратов жеңимпаз болып, Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды.
Таңлаў жеңимпазлары Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы