Усы жыл 24-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Шарапатдин Пахратдиновтың 70 жасқа толыў мүнәсибети менен дөретиўшилик кешеси өткерилди.
Оған көркем өнер ықласбентлери, композитордың шәкиртлери менен туўған-туўысканлары, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының студент-жаслары, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, юбилей мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қутлықлаўын оқып еситтирди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен композиторға «Ардақлы нураний» көкирек белгиси салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Кешеде көркем өнер ғайраткерлери шығып сөйлеп, композитордың дөретиўшилик жолы, дөреткен намалары ҳаққында кең түрде пикир билдирди.
-Республикамызға белгили компазитор, устазымыз Шарапатдин Пахратдинов дөреткен намалар қосықшылар тәрепинен шеберлик пенен атқарылып келинбекте, – дейди Мәденият министриниң орынбасары Ж.Абдижамилов.
Композитордың «Мәжнүн тал», «Бәҳәр келди», «Ташкент ақшамы», «Бир гүл көринди де кетти», «Яр күтиў», «Бийғәрез бостан», «Муқаддес Ўатан» сыяқлы көплеген намалары халқымыз кеўлинен орын алып, бүгинги күнге шекем сүйип тыңланбақта.
Кеше қатнасыўшыларына театрдың симфониялық оркестри тәрепинен «Қарақалпақ ырғақлары» атамасында композитордың намаларынын дөреген концерт бағдарламасы қойып берилди.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы