2021-жыл 10-15-сентябрь күнлери Қоқанд қаласында болып өтетуғын II Халықаралық өнерментшилик фестивалының сүренин ислеп шығыў ушын таңлаў жәрияланады.
Дөретиўшилик таңлаўда профессионал жазыўшы, шайыр, журналистлер менен бир қатарда физикалық тәреплер (фрилансерлер, өнерментлер, студентлер ҳәм т.б) де қатнасыўы мүмкин.
Сүренниң өзине тән версиясын ислеп шығың ҳәм тәрийплениўин қысқаша билдириң. Сүрен жойбары фестивальдың мәнисин жарытып бериўши символикалық өзгешеликлерге, тәкирарланбас көркем шешимге, көркем идеяның избе-излигине ийе болыўы, фестиваль темасына сайлығы, сүрен халық әмелий көркем өнери өнерментшиликти билдириўи, Үшинши Ренессанс дәўирине қәдем қойып атырған мәмлекет деп тән алынған бүгинги Өзбекстанның жаңаша раўажланыў дәўирин қамтып алыўы және II Халықаралық өнерментшилик фестивалын жырлаған болыўы керек.
Дөретиўшилик таңлаўдың сыйлықлаў фонды: биринши орын ушын берилетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлығы 5 000 000 (бес миллион) сумды қурайды.
Таңлаўға усыныс етилген материаллар 2021-жыл 14-март саат 14:00 ге шекем қабыл етиледи.
2021-жылдың 15-май күни жеңипмаз жәрияланады ҳәм оның сүрени фестиваль сүренине айланады.
Сүрен жойбарлары файл ҳәм тәрийплеў тексти 2021-жыл 14-март саат 14:00 ге шекем төмендеги мәнзилге жибериледи: 100185. Ташкент қаласы, Дўмбиробод көшеси, 74-жай.
Телефон арқалы мағлыўматлар: (+99871)279-80-88
е-mail: info@handicraftman.uz