Усы жыл 17-февраль күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының бакалавриат бағдарында билим алып атырған студент-қызларды қосымша жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде филиал жанынан көркем өнер ҳәм мәденият тараўына қәнигелестирилген «Шебер қоллар» орайы ашылды.

Орайдың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев ҳәм филиал директоры А.Аяповлар шығып сөйлеп, жасларды кәсип-өнерге бағдарлаў, олардың қызығыўшылығын анықлаў, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўде қосымша кәсип-өнер түрлерин үйрениў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

 

 

Орай көркем өнер ҳәм мәденият тараўына қәнигелестирилген болып, бул жерде халкымыздың миллий кийим-кеншеклери, аяқ ойын ҳәм сахна декорациялары ушын керекли болған буйымларды пишиў-тигиў, тоқыў сырлары үйретиледи.

Филиалдың студент-қызлары сабақтан бос ўақытлары 6 ай даўамында окытылады ҳәм питкергеннен соң сертификат бериледи.

Бул илажлар елимизде ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсипке бағдарлаўға қаратылған болып, Президентмиздиң алға қойған бес әҳмийетли басламасы шеңберинде алып барылып атырған жумыслардың әмелий көриниси болып табылады.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы