Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Муратбай Нызановтың 70 жыллық юбилейине бағышланған «Көп қырлы талант ийеси» атамасында ушырасыў кешеси өткерилди.

Оған музей хызметкерлери, Нөкис қалалық 20-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшылары қатнасты.

 

 

Ушырасыў кешесинде музей директоры А.Юсупова шығып сөйлеп, Қарақалпақстан халық жасыўшысы М.Нызановтың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўмат берди ҳәм  бундай ушырасыўлар келешек әўладтың әдебиятқа, мәдениятқа болған қызығыўшылығын арттырыўға, олардың руўхый дүньясын байытыўға хызмет етуғынлығын атап өтти.

 

 

М.Нызанов кеше қатнасыўшыларына дөретиўшилик өмириндеги қызықлы ўақыялар ҳаққында айтып берди.

 

 

 

Мектеп оқыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына  жуўап алды.

Буннан соң, кеше қатнасыўшылары музей экспозициясын тамашалады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 (Сүўретлер М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген)