Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен февраль айы «Мәденият айлығы» деп белгиленип, республикамыз бойлап мәдений илажлар өткерилмекте.

Илаж даўамында мәмлекетлик театр-концерт шөлкемлери, қалалық ҳәм районлық мәденият бөлимлери ҳәм олардың қурамындағы халық дөретиўшилик жәмәәтлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламалары тамашагөйлер нәзерине усынбақта.

Илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет – «2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның орынлаўға қаратылған.

 

 

Сондай-ақ,  илаж барысында И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи, Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи  ҳәм оның Мойнақ, Елликқала районларындағы филиалларында, А.Худайшукуров атындағы Мәденият сарайы ҳәм музейинде көргизбелер шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги