Мойнаққа аспаннан темирдиң сынығы өткен жылдың 22-октябрь күни азанғы саат 7:30лар шамасында, «Бозатаў» АПЖ аймағындағы «Қыпшақ дәрья» аўылына иргелес «Шеге» көлге шоқтай жанып түскенин азанғы мәҳәлде малларын падаға қосқанлар байқап қалысады. Көл таманы гүмбирлеп, шақмақ жарқ-журқ етип шағылған. Изине ақ жолақ қалдырып аққан жулдыз киби пүткил әтирап ләрзем алғанда тоғайлықтағы қырғаўылларға шекем ғоғақласып қоя берген…
Сол күни ертелеп өристеги маллары келмей қалғанда көлдиң ишкерисине 3,5-4 км кирген аўыл турғыны Сабырдың тас төбеси шатыр-шутыр етип, l00 метрдей аралыққа дөңгелек отлы нәрсе гүрс түскеннен ҳәўири бетлетпепти. Таңқаларлық қубылысқа қорқып, ҳүрейленген Сабыр жерге жүресине отырып қалады. Есин жыйғаннан соң үйине қайтса көрген-билгенлерин ҳәр кимге айтқышлайды. Сол күнлери телевидениеден жерге жақын аралықтан аспан денелери астроидлар ушып өтери айтылғаны себепли адамлар арқайынласып, онша қызық еместей түйиледи…
Ертеңине көлге барған аўылласлары Руслан ҳәм Рустемлер айтқан жеринен мектептеги глобус тәризли дөңгелек, салмағы 5,5-6 килограммлық, иши қуўыс, дөңгелек, жуқа, жылтырақ темирди үйине еки тутқасынан көтерип, алып қайтады. Пандемия ўақтында қыйналып, тынышсызлана жасап атырған аўыл турғынлары темир ҳаққында не түрли жақсы-жаман ойлардың басларына барысқан.
Шарипа исмли ғайбар келиншек темирдиң сынығын қол телефонына түсирген баласына арадан үш күн өткерип, ўақыя умыт, изсиз қалмасы ушын интернет тармақларына қойдырады. Дуйым журтқа хабар усылайынша тарқалыўдан Ташкент, Нөкисли журналистлер изли-изинен келип, көрсетиўлер таярлағанда Шарипаға да сөз береди.
Сол аралықта район ҳәкими менен аўыл пуқаралар жыйыны баслығы келип, темирдиң сынығын машинасына салып әкетерде тексериўден өткерип, соң музейге қойыўға ўәде берген.
Көп узамай «Шеге» көлдиң бир мушы, «Таллық» аўылына жақын жерде Ахмет исмли падашы тап усындай дөңгелек темирдиң жубайын таўып, үйине апарғаны менен ҳеш ким сорастырмайды.
Көрген көзде не жазық бар, темир басыма бәле болды. Ҳәмме мени излеп келеди. Бир тийинға пайдасы жоқ, – деген Сабыр көрген-билгенлерин ашып айтқысы келмеди.
Аўа-дә, аспанға бүгинги күнге шекем нелер ушып, нелер түспеген? Балалықта қурбақа, жылан, кесиртке, балық жаўды дегенлерге инанбасақ та, күшли даўыл кишигирим көллерди солайы менен көтерип тасласа, не жаўғанына да исениўге болады.
Аспаннан түскен нәрселерди екиге бөлип қарап көрейик. Бириншиси аспан денелериниң тәбийғый түрлери, планеталар қуяштың дөгерегинде айланса, үлкен-кишили басқа да астроид, кометалар сол аралықларда жердиң тартыў күшине муўапық ушып жүрген. l900-жыллары Россияның Сибирь үлкесине түскен «Тунгис» метеорити ең үлкени саналып, бүгинги күнге шекем сөз болмақта.
Екиншиси, адамның ақыл-ойы қолы менен жаратылған жер жолдаслары космос корабльлери, турақлап ҳәрекет ететуғын станциялар көбейген.
Сөз етип отырған қубылыс оқымыслы бир адамның пикиринше, корабльлердиң өз хызметин атқарған соң ажыратып жиберген бөлекшелеринен басқа ҳеш нәрсе емес. Жердеги бийғам жасап атырғанлардың өмирине қәўип туўдырмаў ушын тәртип-қағыйда бойынша океан, теңиз, үлкен көллер менен адамлар аз жасайтуғын шөл зоналарына таслаўға ғана рухсат етилер екен. Бәлким, космоста ушқан космонавтлардың қолларында бурын суўы бар, соң кеўип қалған Арал теңизи ҳәм жақын әтирапындағы көллерге тасладым деп алжасықларға жол қойған болыўы мүмкин.
Бизиң пикиримизше, бул темир сынықлары ҳәр жерде топтай домалана жатып, гез келген жерде сақланбастан илим-техникамыздың раўажланыўына өз үлесин қосыўы ушын қәдир-қымбатына жетиўимиз, итибарлы болыўымызды талап етеди…
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,
Жазыўшы.
(«Еркин Қарақалпақстан» газетасынан алынды )
Қарақалпақстан хабар агнтлиги