Пикирлер кесилиспесинде
Фин халқында «Өз басынан өткермеген дана емес» деген сөз бар. Бунда олар: қандай да бир мәселени ҳәм оның шешими туўралы пикирди сол машқаланы басынан өткерген ҳәм денесинде сезинген адам ғана айтса дурыс болатуғынына исеним билдиреди. Сол көзқарастан, ҳәм илимпаз, ҳәм әмелиятшы педагог сыпатында бизди мәмлекетлик ҳәм Ана тилимиз болған қарақалпақ тили сабағының оқыў бағдарламасы ҳәм сабақлықлар дүзилиси ҳәр күни ойланыўға мәжбүрлейтуғын ҳәм тәшўишлендиретуғын мәселе болғанлықтан өз ой-пикирлеримизди айтыўды мақул көрдик.
Мақаламыздың мақсети–сабақлықлардағы теориялық темалардың оқыўшыға берилиў усылы ҳәм ондағы әмелий шынығыўларды талқылаўдан және өз усынысларымызды билдириўден ибарат.
Демек, ең дәслеп ана тилин оқытыў миллий бағдарламасындағы темалар дизимине көз таслайық:
1.Санлық туўралы түсиник. |
2. Санлықтың мәниси ҳәм грамматикалық белгилери |
3. Жай ҳәм қоспа санлықлар |
4. Санлықтың түрлери. Санақ сан ҳәм оның сеплениўи |
5. Қатарлық сан, оның жасалыўы ҳәм жазылыўы. |
6. Жыйнақлаў сан ҳәм оның жасалыўы |
7. Топлаў сан ҳәм оның жасалыўы. |
8. Шамалық сан ҳәм оның жасалыўы |
9. Бөлшек сан ҳәм оның жасалыўы. |
10. Санлықтың синтаксислик хызмети |
11. Санлық бойынша грамматикалық таллаў ҳәм санлықты тәкирарлаў |
12. Бақлаў жумысы. Жазба жумыс |
13. Қәтелер үстинде жумыс |
Бунда биз 6-класс қарақалпақ тилин (Ана тилин) оқытыў режесинде 2-шеректиң 13 сааты «Санлық» темасына арналғанын көрип турмыз. Ал, енди сабақлықтағы усы теориялық темаларды беккемлеў ушын 13 саат даўамында исленетуғын әмелий шынығыўларға дыққат аўдарайық:
Бир мың тоғыз жүз қырқыншы жылдың августында усындай тағы бир ўақыя болды. (182-шын. 92-б) Ол қойларды гейбир жерден онлап, гейбир жерден жигирмалап жыйнады. (191-шын. 96-б.) Хожалығымызда 8-10 балалы хожалықлардың саны ҳәзир 17 ден асты. (174-шын.87-б.) Усы жерде Гүләсен биринши рет бөлим мийнеткешлери менен мәжилис өткерди. (182-шын.92-б.) Онлаған адам аязлап, төртеўи аўырып қалды. ҳ.т.б… (188-шын. 95-б) (мақалада көлемди есапқа алып, ҳәр шынығыўдан бир мысалдан келтирдик.Б.Г.)
Китапта 173-шынығыўдан баслап 202-шынығыўға шекем яғный 25 шынығыў даўамында оқыўшылар усы сыяқлы мысаллар менен ғана санлық темасы туўралы теориялық билимин беккемлейди. Әлбетте, шебер муғаллим өз педагогикалық тәжирийбесинен келип шығып, теманы жаңаша усылда байытып бара бериў мүмкин. Енди бул устаздың сабаққа қалай жантасыўына, анығырақ айтқанда, ҳүжданына байланыслы.
Қәйткенде де, 13 саат даўамында (ҳәптеге 3 сааттан болса, 1 айға жуўық ўақытта) «Санлық» деген тема дөгерегинде сабақ өте бериў, бир-бирин қайталай беретуғын, (шынығыўлардағы гәплердиң стилистикасын айтпағанда) және мәнилик жақтан байланыспаған текстлерди оқыў, көширип жазыў оқыўшы ушын жалығарлы емес пе?
Ал, сабақлықтағы «Рәўиш» деген темаға оқыў режеде 18 саат ажыратылған. Ашынарлысы сонда: оқыў бағдарламасы сабақлық тийкарында дүзиледи. Сондай болса да, усы «Рәўиш» тиң темалары бағдарламада былғасықлы түрде берилген. Мәселен, рәўиштиң дәрежелерин қашан өтиў керек? Рәўиш деген тема басланған соң ба ямаса оның жасалыўы, дүзилисин түсиндирип болғаннан кейин бе? Бундай былғасықлар оқыўшы түўе, айырым муғаллимлерди де ғабырыстыратуғыны сыр емес. Қарайық, “Рәўиш” деген тема оқыў режеде мына тақылетте берилген:
Рәўиш ҳаққында түсиник |
Рәўишлердиң дүзилисине қарай түрлери. Жай Рәўиш |
Қоспа Рәўишлер ҳәм олардың жазылыўи |
Рәўиштиң дәрежелери ҳәм олардың жазылыўы |
Рәўиштиң жасалыўы. |
Рәўишлердиң сөз жасаўшы қосымталар арқалы жасалыўы. |
Рәўиштиң сөзлердиң қосылыўы арқалы жасалыўы. |
Сөзлердиң дизбеклесип қосылыўы арқалы жасалыўы. |
Сөзлердиң жупласыўынан жасалыўы. ҳ.т.б. |
Яқшы, егер шебер муғаллим болсаңыз, бағдарламаға 15 процент өзгерис киргизип, бул былғасықты да туўрылап кете аласыз. Буған айрықша әҳмийет бериў керек емес деп есаплайық. Өзгерис киргизиў, дурыслаў, басқаша жантасыўды және муғаллимниң ҳүжданына тапсырамыз. (Жекке өзим көп темалардың орнын логикалық избе-изликте жайластырып алдым.Б.Г.)
Усы жерде айрықша ескертип кететуғын нәрсе –бизиң мақсетимиз – бағдарламадағы саатлар санын қысқартыў емес, қайталап айтайын, саатлар санын қысқартыў машқаланың шешими емес, ал, теманы қалайынша мазмунлы, қәйткенде оқыўшыға тартымлы, қызықлы турде үйретиў машқаланы шешиўге көмеклесетуғынын айтпақшымыз.
Ал енди, сабақлық қандай талапларға тийкарланып жазылады? Ана тилин үйретиў дегенде биз нени түсинемиз? Бизиң Ана тили сабақларымыздың мақсети тек оқыўшыларымызға санлық, алмасық, рәўиш деген темалар бойынша билим бериў ме?
Егер бағдарлама ҳәм сабақлыққа қарап пикир жүргизсек, дәл солай болып шығады. Ҳақыйқатында да, бизиң қолымыздағы оқыў режеси ҳәм сабақлығымыз тематикасы усы менен шекленеди. Ондай болса, «Ана тили-миллет руўхы», «Ана тили-миллет айнасы» деген қанатлы сөзлердиң бизиң Ана тили сабақларымызға қатнасы жоқ болғаны ма?
Сабақлықларымыздың сайызлығы мине, усы жерде анық көринеди. Қарақалпақ тили сабақлықларында қарақалпақлардың миллий дәстүри, кәсиби, өнери, көркем өнер-сәнияты, белгили алымлары, атақлы адамлары, миллий қаҳарманлары, палўанлары, муқаддес орынлары, өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясы, тәбияты ямаса соған усаған қандай да бир оқыўшының дыққатын тартқандай мағлыўматлар жоқ. Бул мағлыўматларды оқыўшыларымыз арнаўлы илимий ямаса публицистикалық әдебиятлардан ғана излеп табыўға мәжбүр. Мәселен, миллий отаўымыз Қара үй туўралы, оның ишиндеги безеўлер, нағыслар, дәскелери туўралы мағлыўматты қайсы сабақлықтан оқыўы керек?
«Бундай этнографиялық мағлыўматты тарийх сабағынан үйренеди» демекши болсақ, онда «Қарақалпақстан тарийхы» деген пәнниң өзи арнаўлы түрде бағдарлама сеткасына киргизилмегени, оған бар-жоғы жыл даўамында 17 саат ғана ажыратылғаны ядымызға түсип, және ҳайран болыўдан басқа илажымыз жоқ…
Ана тили муғаллими сыпатында мектепте биринши академик, илимий жумыслары арқалы қарақалпақ халқын дүньяға танытқан көрнекли алым М.К.Нурмухаммедовтың 90 жыллық юбилейин шөлкемлестирмекши болғанымда мени қатты қапа қылғаны: оқыўшылардың көпшилиги М.К.Нурмухаммедов туўралы билмейтуғын, оны танымайтуғын болып шықты. Лекин буннан қаншелли иренжимейин, оқыўшыларға өкпелеўге де хақым жоқ еди. Өйткени, олар М.К.Нурмухаммедов туўралы мағлыўматты қайсы сабақлықтан оқысын? Дурыс, алым туўралы монография, брошюра сыяқлы илимий китаплар баршылық. К.Худайбергенов, Қ.Байниязов, Ж.Нарымбетов, Ж.Есенов сыяқлы илимпазларға буның ушын миннетдармыз. Бирақ қарақалпақ халқының мақтанышлы перзенти, туңғыш академик хаққында жасларымыздың билмеўи, сондай ардақлы инсанларымыздың өмир жолының жас әўладқа үйретилмеўи бизиң кеширилмес, қопал қәтемиз деп ойлайман. Сонда бизиң балларымыз кимди өзине өрнек тутады? Келешегимиз болған жаслар Маман бий, Айдос бий, Ерназар батыр, Қумар Аналық, Аллаяр Досназаровты, оннан басқа да көркем өнеримиздеги, театр, кино сәниятындағы, спорттағы белгили тулғалардың өмир жолын үйренбесе, елимиздиң атақлы адамларын танымаса, олар кимлерге еликлеп өседи? Оларға үлги боларлық, келешек жолына илҳамландырыўшы, өмирлик қәдириятларына жақсы тәрепи менен тәсир жасайтуғын қаҳарманды таба алмайтуғын руўхы сайыз сабақлықларды оқыған балада Ана тилине деген ҳүрмет қалай қәлиплеседи?
Мине, усындай сораўлар өз шешимин табыўын күтпекте. Ал, буған жуўап излеў – бизиң кешиктирип болмайтуғын мәселемиз болыўы тийис!
Мақаламыздың басында фин халқының қанатлы созин бийкарға келтирмедик. Көпшиликке мәлим, Финляндия хәзирги ўақытта билимлендириўдеги табыслары менен алдыңғы қатардағы ел. Олардың Ана тилди үйретиў тәжирийбеси де өзине тән өзгешелиги менен дыққатты тартады. Мәселен, «Millainen Oppikirja Suomi-Kouluun?” (“Финляндия мектеби сабақлықлары қандай?” Кристина Альхо. Хелсинки-2012.) деген изертлеў жумысында фин мектеплеринде Ана тили сабағында үйретилетуғын темалар ҳәм қандай сабақлықлардан пайдаланатуғынлығы туўралы сөз етиледи. Жумыста бирнеше сабақлықлар талқыланған болып, солардың бири: “Juttukaveri” (“Сәўбетлес” яғный “Достың менен сәўбетлес”) деп аталады. Итибар берсек, тилди үйрениўдеги мақсет ап-анық түрде китаптың атамасында өз сәўлелениўин тапқан. Ал, сабақлықтың мазмунындағы темалар арқалы сиз Финляндияның географиялық орны, тәбияты, қалалары, фин халқы, дәстүри, миллий тағамлары, улыўма бәри туўралы толық мағлыўмат ала аласыз. Әлбетте, бул мағлыўматлардың барлығы тилдиң грамматикалық қағыйдалары менен бирге бериледи. Оқыўшы өз АНА Ўатанының тәбияты, өз миллетиниң үрп-әдет, дәстүри, қәдириятларын АНА ТИЛИ сабақлығында АНА ТИЛИ менен бирге үйренеди.
Демек, балаға Ана тили арқалы миллет руўхы сиңдириледи.
Мақаламыз жуўмағында, фин сабақлықларын көзден кешире отырып, биз де жақын келешекте Ана тили сабақлықларын дүзиўде раўажланған еллер тәжирийбесинен өзлигимизге сай пайдалансақ деген мақсетте мынадай усынысларымызды билдиремиз:
- Белгили фольклорист алым Қ.Айымбетовтың “Халық даналығы”, “Өткен күнлерден елеслер”;
- М.Нызановтың “Қарақалпақлар”;
- С.Баҳадырованың “Қарақалпақ қандай халық” сыяқлы
улыўма, басқа да дөретиўшилердиң мийнетлериндеги қарақалпақ халқының турмыс-салтын, тәбиятын, қәдириятларын, тарийхын сәўлелендиретуғын ҳәр қыйлы қызықлы мағлыўматларды қарақалпақ тилиниң грамматикалық- теориялық темалары менен байланыслы ҳалда сабақлықларға киргизип барсақ, АНА тилин үйретиўдеги мақсетимизге жақынласқан ҳәм перзентлеримизди өз елине, жерине деген сүйиспеншилик руўхында тәрбиялаўдай уллы ўазыйпаларымызды инабатлы орынлаўға ерисер едик.
Әсиресе, ҳәзирги глобалласыў дәўиринде тилди үйретиўдиң жоқары жетилискен методикасы, сапалы ҳәм мазмуны терең сабақлығы болмаса, ол тил ерте ме, кеш пе, сөзсиз жоғалыўға бет бурады. Сонлықтан, сапасы төмен, мазмуны сайыз сабақлықлар жазыў Ана тилимизге қыянет етиў менен барабар екенлигин ҳеш биримиз умытыўға ҳақымыз жоқ!
Гүлбәҳәр Бегмуратова,
Нөкис қаласындағы Президент мектеби қарақалпақ
тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими,
филология илимлери бойынша философия (PhD) докторы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги