1957-жылы бурынғы Хожели пахта тазалаў заводы лаборатиясы имаратында ашылған 4-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби 62 жыл даўамында район балаларына бийминнет хызмет көрсетип келди. Ал, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 19-июльдағы «2018-2019-жылларда инвестиция ҳәм инфраструктура жойбарларын әмелге асырылыўын жеделлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, қурылыс жумыслары басланды ҳәм 2019-жылдын 20-декабринен баслап, мектеп жәмәәтине пайдаланыў ушын тапсырылды.
Бүгинги күни 150 орынға ийе еки қабатлы заманагөй мектеп имаратында аўыл балалары 11 бағдар бойынша яғный, миллий музыка, халық сазлары, тарлы, демли әсбаплар, фортепиано, сүўретлеў , театр, кестешилик өнерлери, эстрадалық ҳәм академиялық вокал, хореография бойынша тәлим-тәрбия алмақта.
– Мектебимиз бурынғы имараты 50 орынлық болып, онда 100 ге шамалас оқыўшылар 8 бағдар бойынша тәлим алар еди,-дейди бизге мектеп директоры Меҳрибану Мырзамбетова.-Ал, жаңа имаратқа көшкеннен соң болса, мектебимиз имканияты кеңейип қосымша 3 бағдар бойынша бөлимлер ашылды ҳәм оларға терең билимге ийе жоқары мағлыўматқа ийе қәниге муғаллимлер жумысқа тартылды. Сондай-ақ, және 4 муғаллимимиз Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтларына оқыўға кирди. Ал, 3 муғаллимимиз болса, арнаўлы сыртқы бөлиминиң питкериўши курсларында тәлим алмақта.
Ҳақыйқатында да, мектеп турмысы менен танысар екенбиз, кең ҳәм жақты класларға ийе мектепте тәлим алыўшы оқыўшылар санының артқанының гүўасы болдық. Бул класларда музыка ҳәм көркем өнерге қызығыўшы жас өспиримлердиң өз устазларынан жалықпастан тәлим алып атырғанын көргенимизде кеўлимизди шексиз қуўаныш бийледи.
А.Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.