Китаплар дүньясында

Өткен жылы Өзбекстан халық шайыры, драматург ҳәм жазыўшы Усман Әзимниң 70 жыллығы мәмлекетимизде кең түрде белгиленди. Шайырдың қосықлары халықшыллығы, оқыўшының кеўлине жақынлығы, өзиниң өткирлиги менен китап оқыўшыларының жүрегинен орын алған.

Шайырдың бул топламына «Таң атқан тәреплерде» драмасы, «Бахшиёна» – яғный бақсы жолына жазылған дәстанлары ҳәм «Қоңырат ҳаялларының қосықлары»  киргизилген, Драма ҳәм дәстанларын, «Әййемги Бухараның муңлы намалары», қосықлар дүркинин журналист-шайыр, дилмаш Кеңесбай Реймов аўдарған. Сондай-ақ, журналист, дилмаш Баҳамдулла Нурабуллаев тәрепинен аўдарылған бир дүркин қосықлары да китапқа киргизилген.

Әлбетте, халық шайырының дөретиўшилигинен алынған бул шығармалар қарақалпақ оқыўшыларының кеўлинен жыллы орын алады деп исенемиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги