Уллы шайыр ҳәм ойшыл, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Әлийшер Наўайы туўылғанының 580 жыллығы мүнәсибети менен  Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Наўайы бизиң жүрегимизде» атамасында театрластырылған әдебий кеше өткерилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының хызметкерлери, Хожели районындағы 1-санлы «Мехрийбанлық үйи» тәрбияланыўшылары менен И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп интернатының оқыўшылары қатнасты.

 

 

 

 

 

Илаж қатнасыўшылары ушын театр фоесинде Әлийшер Наўайы дөретиўшилигине бағышланған көргизбе шөлкемлестирилди.

Әдебий кешеде Хожели районындағы 1-санлы «Мехрийбанлық үйи» тәрбияланыўшылары менен И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп интернатының оқыўшылары тәрепинен Әлийшер Наўайының рубайылары менен ғәззеллери, Наўайының Лутфий ҳәм Ҳусайн Байқара менен ушырасыўы, Гулий монологы сыяқлы дөретпелеринен сахналық көринислер атқарылды.

– Бабамыз Әлийшер Наўайының дөретпелери өсип киятырған жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда оғада әҳмийетли орын ийелейди. Ол Ўатан, муҳаббат, дослық, инсанның қәдир-қымбаты сыяқлы турмыслық  мазмундағы терең мәниге ийе болған рубайылары менен ғәззеллерин мийрас етип қалдырды, – дейди  Хожели районындағы 1-санлы «Мехрийбанлық үйи» тәрбияшысы Ақсынгүл Әндижанова.

Илаж қатнасыўшыларына театр актёрлары тәрепинен А.Қәдирийдиң «Меҳробдан чаён» романы тийкарында сахналастырылған спектакль қойып берилди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы