Мүнәсибет
Президентимиздиң елимиз турмысындағы умытылмас тарийхый ўақыя – биринши мәрте шөлкемлестирилген Өзбекстан жаслары форумында қатнасып, шығып сөйлеген сөзи бәршеде, әсиресе, жасларда үлкен тәсир қалдырды. Әнжуманда Президентимиз көркем өнер тараўына да айрықша итибар қаратты.
Президентимиздиң, «Елимизде қандай реформаларға қол урмайық, ең дәслеп, сиз сыяқлы жасларға, сизлердиң күш-ғайратыңыз ҳәм мәртлигиңизге сүйенемиз»,- деген сөзлери барлық жасларымызға көтериңки руўх бағышлаў менен бирге үлкен исеним, жуўапкершилик жүкледи. Форумда қарақалпақстанлы жаслардың атынан сөзге шыққан бозатаўлы чемпион қыз Гүлсәнем Оразбаеваны Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа миясар деп табыўы Президентимиздиң жасларымызға деген исенимин және бир мәрте дәлилледи.
Соның менен бирге, ушырасыў даўамында шетки аўыллардағы жағдайлар ҳаққында да сөз етип, мәденият ҳәм көркем өнер бағдарында оқыўды тамамлаған жасларымыздың көпшилиги пайтахтта қалыўды абзал көретуғынлығы, талантлы жасларды анықлаў, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша орынлардағы жумыслар талап дәрежесинде емеслиги, орынларда талантлы балалардың көпшилиги өз қәбилетин жүзеге шығарыў ушын тийисли шараятқа ийе емеслигин де сынға алды.
Көркем өнер ҳәм мәденият тараўына қызығыўшы, талантлы жасларымызды және де қоллап-қуўатлаў мақсетинде, ҳәр бир район ҳәм қала ҳәкимлери өз аймақларындағы бес жасты мәденият ҳәм көркем өнер тараўының жоқары оқыў орынларында жергиликли бюджет есабынан оқытатуғынлығын, келешекте оларды өз аймағында турақ жай ҳәм қәнигелиги бойынша жумыс пенен тәмийинлеў илажлары көрилетуғынын атап өтти.
Усы бағдарда республикамыз аймағынан 85 жас Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына оқыўға қабыл етилди. Бул жаслардың шәртнама пуллары ҳәр бир район ҳәкимликлери тәрепинен төлеп берилди.
Әлбетте, бундай итибар ҳәм ғамхорлық жасларымызды және де бәлент шыңларға жетелеп, алға қарай умтылдырады. Өз гезегинде биз де жасларымызды мудамы қоллап-қуўатлаймыз.
Президентимиз тәрепинен алға қойылған әҳмийетли бес баслама бүгин улыўма миллий ҳәрекетке айланып үлгерди. Жасларымыздың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, оларды өз қызығыўшылықлары бойынша түрли тараўларға бирлестириў, китапқумарлықты раўажландырыў, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт тараўларына қызығыўшылықларын арттырыў бойынша республикамыз көлеминде нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Усы бес басламаның бириншиси жаслардың музыка, сүўретшилик, әдебият, театр ҳәм көркем өнердиң басқа түрлерине қызығыўшылығын арттырыўға ҳәм қәбилетлерин жүзеге шығарыўға хызмет етеди.
Усы тийкарда министрликке қараслы қалалық ҳәм районлық 58 мәденият орайларында бүгинги күни 213 дөгерек жумыс алып барып атырған болса, және 133 дөгерек шөлкемлестириў режелестирилген болса, бүгинги күнге шекем 109 дөгерек өз жумысын баслады. Бул дөгереклерге 1196 жас қамтып алынды. Сондай-ақ, 23 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде жәми 113 дөгерек шөлкемлестирилиўи режелестирилип, бүгинги күнге шекем 95 дөгерек шөлкемлестирилди. Бул дөгереклерге жәми 997 жас қамтып алынды.
Қалалық ҳәм районлық 58 мәденият орайын оңлаў ҳәм үскенелеў бойынша да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-эканомикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2021-2023-жыллар даўамында 21 мәденият мәкемелеринде 73 млрд 293 млн сўм қаржыға (2 жаңа қурылыс, 9 реконструкция, 10 капитал оңлаў) қурылыс оңлаў жумысларының алып барылыўы режелестирилген болып, соның 18 и мәденият орайы есапланады.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2020-жыл 25-декабрь күни елимиз жаслары менен видеоселектор тәризинде өткерилген мәжилис протоколының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл 28-январьдағы « Қарқалпақстан Республикасында жаслар менен ислесиўди нәтийжели шөлкемлестириў мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў бойынша бес әҳмийетли басламаны әмелге асырыў және жаслар менен ислесиўдиң жаңа системасын енгизиў ҳаққында»ғы қарарына муўапық министрликтиң арнаўлы буйрығы ҳәм илажлар бағдарламасы ислеп шығылды.
Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасындағы 58 мәденият орайында шөлкемлестирилген «Халық театрлары», дөретиўшилик жәмәәтлери ҳәм «Үлгили балалар» ансамбльлери менен дөгереклерге жасларды кеңнен тартыў мақсетинде жергиликли бюджет қаржылары есабынан мәденият орайлары ушын музыка саз әсбапларын, сахна липасларын ҳәм заманагөй техникалық үскенелерди сатып алыўды режелестирип отырмыз. Бул бойынша жумысларымызды алдағы ўақытлары да даўам еттиремиз.
Бес тийкарғы баслама–жасларымыздың ой-өрисин раўажландырыўға, мәмлекет ҳәм жаслар арасындағы сиясий қатнасықларды беккемлеўге хызмет етеди. Әлбетте, бул басламаларды әмелге асырыўда мәденият орайларының орны әҳмийетли. Себеби, көркем өнер мудамы инсанлар қәлбине жақсылық нурын шашып келген. Бул илажлар шаңарақлық тәрбияның үзликсиз даўамы десек қәтелеспеймиз. Қалалық яки районлық мәденият орайына келген ҳәр бир бала сөйлеў мәдениятын, сахнада өзин услап тутыўды, кийиниў әдебин жақсы үйренеди.
Бүгин елимизде талантлы жасларымыз оғада көп. Олардың таланты, мине, усы мәденият орайларында, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде қәлиплеседи.
Қ.ТУРДИЕВ.
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри
Қарақалпақстан хабар агентлиги