Усы жыл 3-февраль күни пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында жайласқан Балалар китапханасында уллы бабамыз, ғәззел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайы туўылғанының 580 жыллығы мүнәсибети менен  «Ғәззел мүлкиниң султаны» атамасында әдебий кеше өткерилди.

Китапхана фойесинде кеше қатнасыўшылары ушын уллы шайырдың шығармалары орын алған китаплар көргизбеси шөлкемлестирилип,  буннан соң оның  өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында видеоролик қойып берилди.

 

 

 

 

 

 

– Уллы бабамыздың жас әўладқа қалдырған миллий мийрасы, шығармалары халқымыздың ядында мәңгиге жасайды, -дейди Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 49-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң өзбек тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Шахноза Махмудова.- Наўайының дөретиўшилик мийрасларын үйрениў, миллий әдебиятымызды раўажландырыўға, халқымыздың, әсиресе, жаслардың руўхыйлығын байытып барыўға хызмет етпекте.

Кешеде Нөкис қаласындағы 49-санлы улыўма орта билим бериў мектеби  оқыўшылары шайырдың  ғәззел ҳәм рубайылары, шығармалары тийкарында таярланған сахналық көринислер илаж қатнасыўшыларының нәзерине усынды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы